«Жаслар ҳаўазы» фестивалының ашылыў салтанаты болып өтти
1087
Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен елимиздиң қыз-жигитлерин Қарақалпақстанның турмысы менен жақыннан таныстырыў мақсетинде Жаслар фестивалын шөлкемлестириў усынысы билдирилген еди. Қысқа ўақыт ишинде «Бозатаў фест» Жаслар ҳаўазы Республика жаслар фестивалы пүткил Өзбекстан бойынша жас талантларды жүзеге шығарыўда әҳмийетли болған илажлардың бирине айланып үлгерди. Бүгин Нөкис қаласында фестивальдың ашылыў салтанаты болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, елимиздиң мың-мыңлап жасларын өзинде жәмлеген фестивалдың ашылыўы менен жыйналғанларды қутлықлады ҳәм барлық қатнасыўшыларға әўмет яр болыўын тиледи. Ашылыў салтанатында елимиздиң барлық аймағынан қатнасыўшылар – өз аймақларында теңсиз деп табылған жас талант ийелери ҳәм мийманлар қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети