Қарақалпақстан Республикасы Исбилерменлер Кеңеси дүзилди
1950
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыздағы бир қатар алдыңғы исбилерменлер менен ушырасты. Онда дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығы соңғы жыллары елимизде исбилерменликти раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар, бул бағдарда қысқа ўақыт ишинде тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында бизнес орталығын жақсылаў, инвестиция тартымлылығын арттырыў бойынша бурын болмаған өзгерислер жүз берип атырғанлығын атап өтти. 

Сондай-ақ, ушырасыўда исбилерменликти раўажландырыўды еле де қоллап-қуўатлаў бағдарында Исбилерменлер Кеңесин дүзиў усыныс етилип, бир даўыстан мақулланды. Кеңес Баслығы сыпатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының исбилерменликти раўажландырыў мәселелери бойынша кеңесгөйи Есмурзаев Жолдасбай Тангатарович сайланды. Кеңес дүзилиўинде тийкарынан, киши, орта ҳәм ири исбилерменлер менен жақыннан байланысларды жолға қойыў, исбилерменликти буннан-былайда раўажландырыў бойынша тийисли усынысларды ислеп шығыў, машқалаларға биргеликте шешим табыў, жаслардың ҳәм басламашы исбилерменлердиң Start-up жойбарларын әмелге асырыўға көмеклесиў, таяр жойбарларға инвесторларды тартыў ҳәм инвесторлар ушын перспективалы жойбарларды ислеп шығыў, бизнес туризмин жолға қойыў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпалар ҳәм мақсетлер гөзленген. Әлбетте, жаңа Кеңес дүзилиўи исбилерменлик орталығын жақсылаў ҳәм елимиз раўажланыўына мүнәсип үлес қосыў жолында әҳмийетли қәдемлердиң бири болары сөзсиз.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети