Халықаралық шаңарақ күни кең түрде белгиленди
1198
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 15-май – Халықаралық шаңарақ күни мүнәсибети менен байрам салтанаты өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды қутлықлады.
Атап өтилгениндей, ҳүрметли Президентимиздиң 2018-жыл 27-июньдағы арнаўлы қарары тийкарында шаңарақ институтын беккемлеў концепциясының тастыйықланғаны елимизде бул бағдардағы илажларды жаңа басқышларға кѳтермекте. Ҳақыйқатында да, халқымыз әзелден шаңарақты Ўатан ишиндеги Ўатан, жәмийетимиздиң тийкарғы буўыны, миллий қәдириятларымызды өзинде жәмлеген муқаддес дәргай сыпатында айрықша қәдирлеп ҳәм қәстерлеп келген. Ѳйткени, барлық ийгиликли ислер шаңарақтан басланып, оннан мәҳәллеге ҳәм жәмийетке кирип барады.
Салтанатлы байрам илажында «Үлгили шаңарақ» таңлаўында қала ҳәм районларымыздан келген, жеңимпаз деп табылған шаңарақ ийелерине «Ибратлы шаңарақ» кѳкирек белгиси, Жоқарғы Кеңес ҳәм Министрлер Кеңеси, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети, Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Нураный қоры ҳәм басқа да мәкеме-шөлкемлер тәрепинен баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Байрам илажы көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети