Жоқарғы Кеңес Баслығы Шымбай районындағы бир қатар пуқаралар менен жақыннан пикирлести
918
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районындағы "Қаракөл", Кеңес" ҳәм "Темир жол" мәҳәллелеринде болып, аймақ турғынлары менен ушырасты.
Пуқаралар менен жақыннан пикирлесип, олардың тилек-өтинишлерин тыңлаған Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары, сондай-ақ, халқымыз ийгилиги жолындағы барлық әмелий илажлар буннан-былайда системалы түрде даўам еттирилетуғынлығын атап өтти.
Буннан соң, мәҳәллелерде алып барылып атырған абаданластырыў жумыслары, атап айтқанда, ишки хожалық жолларына қум-щебень араласпасын (ЩПС) төсеў жумысларының барысын көзден өткерип, жуўапкерлерге бул бағдардағы илажларды сапалы етип өз ўақтында жуўмақлаў бойынша тийисли тапсырмаларды берди.
Атап өтиў орынлы «Қаракөл» ҳәм «Темир жол» мәҳәллелеринде 2,5 км жазда қум-шаңғытлы, жаўын-шашынлы күнлерде ылайы менен машқала болып келген топырақ жоллар қум-тас араласпалы жолларға айландырылыўы белгиленген.
Соның менен бирге, аймақтағы пуқаралардың үйлеринде болып, қыйтақ жерлерден қай дәрежеде пайдаланылып атырғанлығын көзден өткерди.
Аймақ турғынлары елимизде алып барылып атырған әдил сиясаттан ҳәм басшылық етип атырған ҳүрметли Президентимизден миннетдар екенлигин айрықша қанаатланыўшылық пенен билдирди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети