Жоқарғы Кеңес Баслығы “Ватанпарвар” әскерий-спорт жарысы жеңимпазлары менен ушырасты
1119
Жақында Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги кубогы ушын мәмлекетимиздеги барлық улыўма билим бериў мектеплериндеги “Ўатан таянышы” отрядларына ағза болған оқыўшылар арасында өткерилип киятырған “Ватанпарвар” әскерий-спорт жарысыныӊ Өзбекстан Республикасы басқышында Қарақалпақстан Республикасынан қатнасқан Қанлыкөл районы 2-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниӊ “Лашын” командасы сыйлы 1-орынды ийелеген еди.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев 2-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниӊ “Лашын” командасы ағзалары, устазлары ҳәм ата-аналар менен ушырасты. Жоқарғы Кеңес Баслығы өсип киятырған жас әўладты ана Ўатанға мухаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў, олардың ҳәр тәреплеме жетик, физикалық жақтан шыныққан наўқыран әўлад болып жетисиўинде бундай жарыслардың шөлкемлестирилиўиниң әҳмийети айрықша екенлиги, онда жерлеслеримиздиң жеңимпаз болып атырғанлығы кеўиллерге мақтаныш сезимлерин инәм ететуғынлығын атап өтти.
Команда ағзаларыныӊ әскерий таярлық шынығыўларына жоқары баҳа берилди ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды. Жыйналғанларға Арқа-Батыс әскерий округи әскерий оркестри атқарыўында концер бағдарламасы инәм етилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети