Ҳаяллар ҳәм жаслар дәптеринде дизимде турған ҳаял-қызларға субсидия тийкарында әсбап-үскенелер тапсырылды
848
Соңғы жыллары елимизде ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың үй шараятында дәрамат алыўына көмеклесиў бағдарында қосымша имканиятлар жаратылып, бир қатар жеңилликлер берилмекте. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районы аймағындағы ҳәким жәрдемшилери усыныслары менен 40 ҳаял-қызларға 400 млн сумлық субсидия тийкарында тигиў машинасы ҳәм нан өнимлерин писириў ушын печкалар тапсырды.
Жоқарғы Кеңес Баслығы пуқаралар менен сәўбетте өз үстинде ислеўди, өзин-өзи бәнт етиўди қәлеўши ҳәр бир пуқара ушын, әлбетте, жардем берилетуғынлығын, мәмлекетимиз тәрепинен берилип атырған имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў кереклигин атап өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети