Нөкис қаласында Мас-Рестлинг бойынша Азия чемпионатының ашылыў мәресими өткерилди
931
Усы жылдың 16-19 май күнлери Қарақалпақстан Республикасында биринши мәретебе Нөкис қаласында спорттың Мас-Рестлинг түринен ересеклер ҳәм жаслар арасында Азия чемпионаты беллесиўлери болып өтпекте. Чемпионат беллесиўлериниң ашылыў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы шығып сөйлеп, барлық қатнасыўшыларды жарыстың ашылыўы мүнәсибети менен қутлықлады ҳәм әўмет тиледи. Айтып өтиў орынлы, соӊғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында дене тәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға, жасларды спортқа кеңнен қамтып алыўға, саламат турмыс тәризин қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылып атыр. Бул бағдарда Мас-Рестлинг спорт түрине қызығыўшы жасларымыздың саны жылдан жылға артып бармақта.
Чемпионатқа Қазақстан, Қирғызстан, Монголия, Ҳиндистан, Түркменстан, Пакистан мәмлекетлери ҳәм елимиздиң 200 ден аслам спортшылары қатнаспақта. Буннан соң күн даўамында өткерилиўи белгиленген спорт жарыслары баслап жиберилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети