Халқымызға мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў бағдарында Президентимиз тапсырмасы менен қабыл етилген 52-санлы қарардың орынланыўы сын көз қараста көрип шығылды
1526
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында халыққа мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў ҳәм мәҳәллелелер инфраструктурасын жақсылаў бағдарында әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар ҳәм Президентимиз тапсырмасы менен қабыл етилген 52-санлы қарардың орынланыўын сын көз қараста қарап шығыў мәселелерине арналған кеңейтирилген мәжилис өткерилди. Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Ерманов сондай-ақ, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлери орынбасарлары, барлық мәкеме-шөлкем басшылары қатнасты.
Өткерилген мәжилисте сонғы жыллары “Инсан қәдири ушын” принципи тийкарында Ҳүрметли Президентимиз басшылығында барлық орынларда кең көлемли жумыслар алып барылып атырғанлығы ҳәм бул жумыслар буннан-былайда даўам еттирилетуғынлығы атап өтилди. Айтып өтиў керек, ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы 52-санлы қарары қабыл етилген еди. Усы қарар тийкарында 363,9 млрд. сум қаржылар есабынан республикамызда аўыр турмыс шараятындағы 21 мың 94 шаңарақтың турақ-жайларын шиферлаў ҳәмде жасаў ушын жарамсыз, авариялық жағдайдағы 709 турақ-жайларды қайта қурып бериў ҳәмде республикамыздың қубла районларындағы 2000 км топырақ жолларға ЩПС төсеў жумыслары алып барылыўы белгиленген. Тилекке қарсы бүгинги күнде айырым орынларда қарар орынланыўын тәмийинлеў бағдарында бир қатар қәте-кемшиликлерге жол қойылмақта. Мәжилисте қарар шеңберинде орынланыўы тийис ўазыйпалар бойынша артта қалыўшылыққа жол қойып атырған басшылардың жумыслары сынға алынды. Бунда айырым басшылардың өз жумысына немқурайдылық пенен қараўы ақыбетинде аўыр турмыс шараятында жасап атырған пуқаралар қыйналып атырғанлығы айрықша тилге алынды. Айтып өтиў керек, Төрткүл, Беруний, Елликқала ҳәм Әмиўдәря районларындағы турақ-жайлардың қурылыс-оңлаў жумысларына 112,3 млрд.сум мәмлекетлик бюджет параметрлеринде қаржылар есабынан, қалған қала ҳәм районлардағы турақ-жайлардың қурылыс оңлаў жумысларына 231,6 млрд.сум Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлериниң жергиликли бюджет қаржылары есабынан, усы төрт районда 2000 км ишки жолларға ЩПС төсеў жумыслары ушын 20 млрд.сум Министрлер Кабинетиниң резерв фонды есабынан ажыратылды. Усы тийкарда ҳәзирги ўақытта барлық қала ҳәм районларда қурылыс жумыслары даўам етпекте. Мәжилис даўамында тийисли тараў ўәкиллери ҳәм жуўапкерлерге алдағы белгиленген ўазыйпаларды орынлаў, ең баслысы, халқымыздың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў жолында аянбай мийнет етиў зәрүр екенлиги айрықша тилге алынып, Президентимиздиң тапсырмасы тийкарында белгиленген ўазыйпаларды системалы даўам еттириў кереклиги бойынша әмелге асырылыўы тийис тапсырмалар белгилеп алынды.