Жоқарғы Кеңес Баслығы Қанлыкөл районындағы «Бескөпир» аўылы пуқаралары менен жақыннан пикирлести
870
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Қанлыкөл районындағы «Бескөпир» аўыл пуқаралар жыйынында болып, аймақ турғынлары менен ушырасты. Ушырасыўда соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында халқымыз абаданлығы жолындағы ийгиликли илажлар, кең көлемли реформалар қала ҳәм районларымыздан баслап алыс аўылларға шекем ҳәр бир шаңараққа кирип барып атырғанлығы атап өтилди. Буннан соң, Жоқарғы Кеңес Баслығы аймақта “Абат шаңарақ”, “Абат көше” ҳәм “Абат мәҳәлле” бағдарламасы шеӊберинде әмелге асырылып атырған кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў, усы тийкарда аўылдағы 17.5 км ишки жолларды оңлаў, “Бескөпир” мәҳәллесиниң жаӊа имәратын қурыў жумыслары менен жақыннан танысты.

Сондай-ақ, “Сайхунабат тәжирийбеси” тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар, аймақтағы үлгили “Кенгаш” көшесинде қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў бойынша орынланған илажлар көрип шығылды. Усы аймақтың өзинде жасаўшы А.Қудайбергенов шаӊарағында аз жерден мол өним алып, қосымша қоян, қусшылық, пал ҳәррешилигин жолға қойыў арқалы жақсы дәрамат алыў жумыслары көзден өткерилип, бул тәжирийбени еледе кеӊ ен жайдырыў бойынша ўазыйпалар белгиледи.