Өзбекстан биринши мәрте 3 валютада суверен халықаралық облигацияларын жайластырды
723
Усы жылдыӊ 21-май күни Өзбекстан Республикасының улыўма қуны дерлик 1,5 миллиард АҚШ долларына теӊ гезектеги суверен халықаралық облигациялары биринши мәрте 3 валютада дүнья қаржы базарларында жайластырылды. Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң мәлимлеме хызметиниң хабарына бола, 17-май күни АҚШ, Уллы Британия, Германия, Дания ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлери сыяқлы мәмлекетлерден 76 инвестор менен видеоконференция ҳәм 20-21- май күнлери 40 ири инвесторлар менен жеке форматта ушырасыўлар өткерилди. Ушырасыўларда халықаралық инвесторларға Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында “Өзбекстан -2030” стратегиясы шеӊберинде алып барылып атырған структуралық реформалар ҳәм макроэкономикалық жағдай бойынша толық мағлыўмат берилди. Халықаралық инвесторлар тәрепинен дүньяда даўам етип атырған қурамалы жағдайға қарамастан, Өзбекстанда макроэкономикалық турақлылық сақланып атырғанлығы, энергия тарифлери, меншиклестириў ҳәм басқа структуралық реформалардыӊ әмелий жақтан жеделлескени унамлы баҳаланды. Ушырасыўлардан соӊ 21-май күни 3 валютада, соныӊ ишинде АҚШ долларында 7 жыллық, еврода турақлы раўажланыў мақсетлерин қаржыландырыў ушын 3 жыллық ҳәм Өзбекстан Республикасы миллий валютасында суверен халықаралық облигацияларын жайластырыў бойынша буйыртпалар қабыл етилетуғыны жәрияланды. Күн даўамында Өзбекстан Республикасыныӊ суверен халықаралық облигацияларын сатып алыў ушын жәми 5,5 миллиард доллар муғдарындағы буйыртпалар келип түсти.