Жоқарғы Кеңес Баслығы Шымбай районында пуқаралар менен жақыннан пикирлести
632
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев пуқаралардың машқалаларына шешим табыў бойынша өткерилген жеке қабыллаўларда билдирилген мүрәжатларды ҳәм олардың унамлы шешилиўин орнына барып көриў мақсетинде Шымбай районындағы бир қатар мәҳәллелерде болды. Жоқарғы Кеңес Баслығы «Дослық», «Гүжимли», «Бахытлы», «Кеңес», «Тағжап» мәҳәллелеринде болып, аймақ турғынлары менен жақыннан пикирлести.
Атап өтиў орынлы, пуқаралар тәрепинен ишки жолларды оңлаў, электр бағаналарын ҳǝм сымларын жаңалап бериў ҳәмде турақлы тǝмийинлениўин жақсылаў, ишимлик суў тармағын тартыў, артезиан қудықларын қазып бериў сыяқлы бир қатар мәселелер бойынша ǝмелий жǝрдем сорап билдирген мүрǝжатлары қадағалаўға алынып, тийисли тапсырмалар берилген еди. Бүгинги күнде бул мәселелердиң көпшилиги өз шешимин тапқан болып, Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳәр бир көтерилген мәселени көрип шықты ҳәм ўақыт талап етилетуғынлары бойынша анық тапсырмаларды берди.
Пуқаралар да өз нәўбетинде, мүрәжатлары итибардан шетте қалмай республика басшысының өзи орнынан келип үйренип ҳәм қадағалаўға алып атырғанлығы сондай-ақ, бул машқалалардың өз шешимин табыўда ҳүрметли Президентимиз тиккелей тапсырмасы тийкарында жумыслар шөлкемлескенлик пенен алып барылып, «Инсан қәдири ушын» деген ийгиликли идея тийкарындағы реформалар болса ҳәр бир пуқараның бүгинги турмысына кирип барып атырғанлығын айрықша қанаатланыўшылық пенен тилге алды. Соның менен бирге, усындай әдил ҳәм узақты гөзленген сиясаттың басламашысы болған Президентимизге өз миннетдаршылығын билдирди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети