Жоқарғы Кеңес Баслығы Шымбай дийқан базарында әмелге асырылып атырған жумысларды барып көрди
803
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районы дийқан базарында болып, халыққа ҳәм сатыўшыларға жаратылып атырған шараятлар менен жақыннан танысты. Базар аймағын көзден өткериў ўақтында жуўапкерлерге инфраструктураны еле де жақсылаў, қарыйдарлар ҳәм сатыўшыларға қолайлы шараятлар жаратыў, сондай-ақ, бул бағдардағы әмелге асырылыўы керек болған илажлар бойынша анық тапсырмалар берилди.
Айтып өтиў керек, дийқан базарлары бүгинги күнде халықты азык-аўқат өнимлери менен тәмийинлеўши тийкарғы орынлардың бири болып, Шымбай районы дийқан базары да бир неше район халқына хызмет етиўши базар сыпатында әҳмийетке ийе орын есапланады. Бүгинги күнде халыққа сапалы базар хызметин усыныў бағдарында барлық қолайлықларға ийе ири көлемли жабық саўда комплекси қурылыўы режелестирилген ҳәм қурылыс жумыслары баслап жиберилген. Жәми 30 млрд. сумлық жойбар шеңберинде көп қабатлы саўда орны имараты, автомашиналар турар орны ҳәм басқа да қолайлықлар жаратылады. Жоқарғы Кеңес Баслығы жуўапкерлерге саўда комплекси қурылысы жумысларын жеделлестириў ҳәм жойбар басламашыларына көмеклесиў бойынша тапсырмаларды берди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети