Жер менен тиллесең, жер бар зийнетин береди
848
«Қыйтақ жер дәрамат дереги» деген пикир бүгин азғана жердиң өзинен мол дәрамат алып атырған пуқаралардың мысалында өз тастыйығын таўып атырғанлығы сыр емес. Алақандай жердиң өзинен нәтийжели, жер илимин пуқта билген ҳалда пайдаланған адамның шаңарағына қут-берекет киреди. Бүгин Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районындағы «Бахытлы» мәҳәллесинде жасаўшы Бекмирзаева Бийбайым апаның шаңарағында болды.
84 жасқа келген болса да, еле жумыстан қашпайтуғын мийнеткеш апаға ҳармасын айтып, қаўын егисинде жәрдемлести. Соның менен бирге, усыншама жасқа келсе де, адам мийнеттен қашпаўы кереклиги, жер менен тиллескен инсанға жер өз нағметин инәм ететуғынлығын әмелде көрсетип, бәршеге үлги болып атырғанлығы ушын Жоқарғы Кеңес Баслығы Бийбайым апаға өз миннетдаршылығын билдирди. Буннан соң, Жоқарғы Кеңес Баслығы «Кеңес» аўыл пуқаралар жыйынындағы Азамат Нурымбетов пенен де ушырасып, суў тамтарыс жердиң өзинде үй қапталы қыйтақ жерин көпшиликке үлги боларлық жағдайда келтиргенин барып көрди.
Азамат бүгин суў аз деп қарап отырмастан, артезиан қудықтан суў шығарып, қыйтақ жерин гүллендирип қойған пуқаралардың бири. Бағында алма, алмурттан баслап, ҳәттеки Қарақалпақстанның арқа районлары шәраятында өсиўи қыйын болған анар, ғоза сыяқлы терек нәллерин де жергиликли ҳаўа райына масластырып атыр. Биогумыс алыў, палыз өнимлерин егиў де шетте қалып атырған жоқ. Әлбетте, қыйтақ жерден мол өним алыў ушын азғана жер, итибар, қунт ҳәм қәлеўшиликтиң өзи жеткиликли есапланады. Өз нәўбетинде, бул арқалы ҳәр бир шаңараққа қосымша дәрамат кирип барады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети