Методикалық жәрдем көрсетиўде Қарақалпақстан тәжирийбеси
740
Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимленидириўи министрлиги тәрепинен билимлендириўдиң сапасы жоқары болмаған улыўма орта билим бериў мектеплерине мәнзилли методикалық жәрдем көрсетиўде Қарақалпақстан тәжирийбесин әмелиятқа усыныс етиў бойынша республикалық семинар шеңберинде методикалық- тур шөлкемлестирилди.
Онда Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң биринши орынбасары У. Шарифходжаев, барлық ўәлаятлардан келген тараў ўәкиллери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Илаж қатнсыўшылары дәслеп Әмиўдәрья районындағы 76-санлы улыўма билим бериў мектебинде шөлкемлестирилген пресс-турға қатнасып, ол жердеги оқыўшылардың билим алыўы ушын жаратылған шараятлар менен танысты. Нөкис қаласындағы «Жаслар орайы» ында Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген ашық сәўбет те болып өтти. Онда билимлендириў сапасы жоқары болмаған улыўма билим бериў мектеплерине мәнзилли методикалық жәрдем көрсетиў бағдарында Қарақалпақстан тәжирийбесиниң мазмун-әҳмийети, оны мәмлекетимиз бойынша енгизиў бағдарында пикир-усыныслар билдирилди.
Сондай-ақ, Нөкис қаласындағы 8-санлы улыўма билим бериў мектебинде заманагөй методикалық хызмет көрсетиўдиң нәтийжелилиги атамасында көргизбе, «Мәнаўиятлы инсан – мәдениятлы инсан» атамасында методикалық илаж шөлкемлестирилди.