Жоқарғы Кеңес Баслығы Шоманай районындағы мектеп питкериўшилери менен ушырасты
773
Өткерилген ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев оқыўшыларды билим дәргайларын питкерип, үлкен өмирге қәдем қойып атырғанлығы менен қызғын қутлықлады ҳәм алдағы жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларында әўмет тиледи.
Айтып өтиў орынлы, бүгинги күнде жасларымызды ҳәр тәреплеме билимли, физикалық жақтан шыныққан, жетик инсанлар етип тәрбиялаў – мəмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларынан саналады. Сонлықтан, ертеңги келешигимиз ийеси болған жасларымыз ушын бир қатар шараятлар жаратып берилмекте. Усы берилген имканиятлар нәтийжесинде олар арасынан билим дәрежеси, озық ойлылығы ҳәм уқыбы менен көзге түсип атырған жаслар саны жылдан-жылға артып бармақта.
Бүгинги өткерилген ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы еле мектепти питкерип үлгерместен, дүньяның көплеген абырайлы жоқары оқыў орынларына кириў бахтына мияссар болған жасларға тасқын табыслар тилеп, олардың ата-аналарына ҳәм устазларына баҳалы саўғалар тапсырды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети