Жоқарғы Кеңес Баслығы Шоманай районындағы мүрәжатлар шешиминиң тәмийинлениўи бойынша пуқаралар менен жақыннан сәўбетлести
772
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шоманай районындағы пуқаралардың машқалаларына шешим табыў бойынша өткерилген жеке қабыллаўларда билдирилген мүрәжатларды ҳәм олардың унамлы шешилиўин орнына барып көриў мақсетинде Шоманай районындағы «Кетенлер», «Қарабайлы», «Бегжап» мәҳәллелеринде болып, аймақ турғынлары менен пикирлести.
Билдирилген мүрәжатлар бойынша ишки хожалық жолларын оңлаў жумыслары баслап жиберилгенлиги, ўақыт талап етилетуғынлары болса, қадағалаўға алынып усы жылдың өзинде унамлы шешимин табатуғынлығы айтып өтилди. Усы күнниң өзинде мүрәжатлар бойынша жаўын-шашынлы күнлерде машқала туўдырып келген бурын топырақ жоллар есапланған көшелерге ЩПС төселиўи, сондай-ақ, «Қарабайлы» мәҳәллесиндеги 452 пуқараның ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаў бойынша улыўма баҳасы 2 млрд. 550 млн сумлық суў объектин реконструкциялаў жумыслары көзден өткерилди. Өз нәўбетинде, пуқаралар халық ийгилиги жолындағы усындай әмелий жумыслардың басламашысы болған ҳүрметли Президентимизге өз миннетдаршылығын билдирди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети