Қыйтақ жер-дәрамат дереги
1077
«Мийнет түби рәҳәт»,- дейди дана халқымыз. Ҳақыйқатында да, өзлериниң қыйтақ жеринде мийнет етип, рәҳәтин көриў, инсанға өзгеше бир заўық бағышлайды. Ал, ҳәр жылы қыйтақ жеринде мийнет етип, нәтийжесинде мол өним ҳәм дәрамат алып атырған заманласларымыз арамызда көпшиликти қурайды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шоманай районы «Кетенлер» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Реимбаев Жалғастың шаңарағында болып, қыйтақ жери менен танысты. «Жерди бақсаң, жер сени бағады» деген нақылда айтылғанындай, қыйтақ жер ийеси ҳәр бир қарыс жеринен нәтийжели пайдаланып атыр. Реимбаев Жалғастың қыйтақ жерин Жоқарғы Кеңес Баслығы көзден өткерип, жерден өнимли пайдаланыўда оның тәжирийбесинен көпшилик үлги алыўы кереклигин атап өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети