Жоқарғы Кеңес Баслығы Шоманай дийқан базарын көзден өткерди
1110
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шоманай районы дийқан базарында болып, тутыныўшыларға ҳәм сатыўшыларға жаратылып атырған шараятлар менен жақыннан танысты.
Базар аймағын көзден өткериў ўақтында жуўапкерлерге инфраструктураны жақсылаў бағдарында ажыратылған қаржылардың нәтийжели жумсалыўын тәмийинлеў, қарыйдарлар ҳәм сатыўшыларға қолайлы шараятлар жаратыў, сондай-ақ, әмелге асырылыўы керек болған илажлар бойынша анық тапсырмалар берилди. Соның менен бирге, пуқаралардың тийкарғы азық-аўқат өнимлерин сатып алыў ҳәм дийқанлардың өз өнимин сатыў орны болған базар қолайлы шараятқа ийе болыўы, буның ушын район басшылары жуўапкершилик пенен қараўы кереклиги айрықша атап өтилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети