Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев соңғы қоңыраў илажында қатнасты
1078
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев Нөкис қаласындағы 3-санлы мектепте өткерилген соңғы қоңыраў илажында қатнасты.
Илажда Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев мектеп питкериўшилерин қутлықлады ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ питкериўши ул-қызларға жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди. Буннан соң теңлеслери арасында айрықша қәбилети, билими ҳәм үлгили минез-қулқы менен көзге түскен оқыўшылар, олардың ата-аналары ҳәм билим берген устазларына миннетдаршылық билдирилди.
Өткерилген илажда Президентимиз тәрепинен елимиздиң келешеги болған жасларға қаратылып атырған итибар ҳәм имканиятлар атап өтилип, бул имканиятлар тийкарында көплеген жаслар өзлериниң талант ҳәм уқыплылығын жүзеге шығарып атырғаны ҳәм көплеген жетискенликлерге ерисип киятырғанлығы сөз етилди. Илаж байрам салтанаты менен даўам етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети