Жоқарғы Кеңестиң Комитет баслығы питкериўшилерди қутлықлады
1338
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Комитет баслығы Ш.Өтемисов Нөкис қаласындағы 32-санлы улыўма билим бериў мектебинде өткерилген соңғы қоңыраў илажында қатнасты. Илажда дәслеп Жоқарғы Кеңес Комитет баслығы питкериўшилерге ҳүрметли Президентимиздиң қутлықлаўын оқып еситтирди. Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан жыйналғанларды қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиз тәрепинен жасларға үлкен итибар қаратылып, бул бағдарда оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Жаратылып атырған имканиятлар жаслардың өз талант ҳәм уқыплылығын, айрықша қәбилетлерин жүзеге шығарыўға беккем тийкар болып хызмет етпекте. Усындай имканиятлар нәтийжесинде оқыў жылы еле жуўмақланып үлгерместен, усы мектептиң өзинде бир неше оқыўшы Россия Федерациясы ҳәм Корея мәмлекетиниң белгили жоқары оқыў орынларына грант жеңип алып, мүддетинен алдын студент болыў бахтына еристи. Буннан тысқары, оқыўшы-жаслар арасынан миллий ҳәм халықаралық сертификатқа ийе болып атырған жаслар саны жыл сайын артып бармақта. Илаж даўамында соңғы қоңыраў қағылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети