Жоқарғы Кеңестиң Комитет баслығы соңғы қоңыраў илажында қатнасты
1487
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Комитет баслығы З.Реймова Нөкис қаласындағы 6-санлы улыўма билим бериў мектебинде өткерилген соңғы қоңыраў илажында қатнасты. Илажда дәслеп Жоқарғы Кеңес Комитет баслығы питкериўшилерге ҳүрметли Президентимиздиң қутлықлаўын оқып еситтирди. Буннан соң, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан жыйналғанларды қутлықлады.
Өткерилген илажда ҳүрметли Президентимиздиң айрықша меҳир ҳəм итибары менен жаслар ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып атырғанлығы, соңғы жыллары елимизде жасларымызға көрсетилип атырған айрықша ғамхорлық ҳәм жаратылған шараятлар буның айқын мысалы екенлиги атап өтилди. Илажда соңғы қоңыраў қағылды ҳәм оқыўшы-жаслар атқарыўындағы саз-сәўбет пенен даўам етти.