Экономикамыз раўажланыўында көп тәреплеме шерикликтиң орны әҳмийетли
1700
Соңғы жыллары елимизде халықаралық байланысларды беккемлеў, саўда-экономика, инвестиция, гуманитар тараўлар ҳәм басқа да бағдарларда бирге ислесиўлерди жолға қойыў ҳәм кеңейтиў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Бул бағдарда ең ири бирге ислесиўши мәмлекетлердиң бири Россия Федерациясы менен Өзбекстан Республикасы арасында жақын шериклик мүнәсибетлерин беккемлеў бойынша бир қатар жөнелислерде бирге ислесиўлер жолға қойылған.
Ҳүрметли Президентимиздиң қоллап-қуўатлаўы тийкарында бүгинги күнде Россия Федерациясы аймақлары менен көп тәреплеме бирге ислесиўлер кеңейтилмекте. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясының бир қатар аймақлары, соның ишинде, Татарстан Республикасы, Башқуртстан Республикасы ҳәм мәмлекеттиң басқа да аймақлары менен жақын шериклик мүнәсибетлери орнатылмақта. Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң мәмлекетимизге мәмлекетлик сапары шеңберинде Башқуртстан Республикасы басшысы Радий Хабиров басшылығындағы делегация Ташкент қаласына келди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығындағы республикамыз ўәкиллери Ташкент қаласында Башқуртстан Республикасы басшысын күтип алды. Конгресс орайы залында Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳәм Башқуртстан басшысы арасында көп тәреплеме бирге ислесиўлер бағдарында сөйлесиўлер алып барылды. Кейинги күни Ташкент қаласындағы Технопарк жумыслары, әмелге асырылып атырған жойбарлар көзден өткерилди. Айтып өтиў орынлы, Технопарк аймағында кең ассортиментли санаат өнимлери, қурылыс материаллары, турмыслық техникалар, санлы технологияларды ен жайдырыў бойынша жойбарлар иске түсирилген.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети