Өзбекстан мәмлекетлик спорт академиясы шөлкемлестириледи
1384
Өзбекстан мәмлекетлик академиясының жумысы шөлкемлестириледи. Бул бағдарда Президенттиң тийисли қарары қабыл етилди. Қарарға бола, Жоқары спорт шеберлиги институты негизинде Өзбекстан мәмлекетлик спорт академиясы (Академия) шөлкемлестириледи. Төмендегилер 2025-2026-оқыў жылынан Академия жанына өткериледи: – Денетәрбия ҳәм спорт илимий изертлеўлер институты; Денетәрбия ҳәм спорт бойынша қәнигелерди қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў институты және оның тийисли филиаллары. Спорт тараўында нәтийжелери жоқары болған мәмлекетлердиң жетекши жоқары спорт-билимлендириў шөлкемлериниң тәжирийбеси тийкарында заманагөй кадрларды таярлаў Академияның тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип белгиленди. Академия системасында мәмлекетлик мәкеме тәризиндеги Мәмлекетлик спорт медицинасы илимий-әмелий орайы шөлкемлестириледи. Мәмлекетлик спорт медицина илимий-әмелий орайы спорт медицинасы тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асыратуғын, спорт түрлери бойынша Өзбекстан миллий сайланды командаларының ағзаларын медициналық жақтан жарысларға таярлаўды шөлкемлестиретуғын мәмлекетлик медицина мәкемеси есапланады. Спортшыларға шет тиллери ҳәм Өзбекстан тарийхын тереңлестирилген ҳалда үйретиў мақсетинде Академия структурасында Мәлимлеме-китапхана орайын өз ишине алатуғын юридикалық шахс статусына ийе болмаған Өзбекстан тарийхы ҳәм шет тиллерин оқытыў орайы шөлкемлестириледи.