Жоқарғы Кеңес Баслығы Нөкис қаласындағы 48-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминдеги балаларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады
1436
«1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни» байрамы республикамыз бойынша орынларда кең түрде белгиленбекте. Бүгин Нөкис қаласындағы 48-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде сәне мүнәсибети менен байрам илажы болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, бул жерде тәрбияланып атырған балаларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.
Айтып өтиў орынлы, бүгинги күнде елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында жаслардың, балалардың билим алыўы, саламатлығының беккем болыўы, жетик инсан болып камалға келиўи ушын көплеген ийгиликли ислер әмелге асырылмақта. Ең шетки аймақларда да заманагөй балалар бақшалары, мектеплер, мәденият ҳәм спорт объектлери пайдаланыўға тапсырылып атыр.

Өз нәўбетинде жаратылып атырған бундай шараятлар перзентлеримиздиң ҳәр тәреплеме билимли, озық ойлы болып камалға келиўинде беккем тийкар болып хызмет етпекте. Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде өткерилген илажда Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен балаларға байрам мүнәсибети менен саўғалар тапсырылды. Байрам илажы балалардың атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети