Нөкис қаласы аймағында жаңадан көп қабатлы турақ-жайлар қурылысы басланды
1497
Соңғы жыллары елимизде халқымызды сапалы үй-жай менен тәмийинлеў, олар ушын заманагөй, барлық қолайлықларға ийе үйлерди қурыў бағдарында бир қатар қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилип, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.
Усы жумыслардың даўамы сыпатында Нөкис қаласы «Шымбай гүзары» мәҳәллеси аймағында көп қабатлы турақ-жай қурылыўы режелестирилген болып, бүгин жаңа көп қабатлы турақ-жайлардың қурылысының қазығы қағылды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳәм туркиялы инвесторлар қатнасты.
Айтып өтиў орынлы, Нөкис-Шымбай автомобиль жолы бойында Туркия инвесторлары инвестициялары қатнасыўында 5 қабатлы 15 турақ-жай қурылыўы режелестирилген. Бул турақ жайлар қурылысы ушын жергиликли курылыс кәрханалары таңлап алынған болып, имаратлардың жойбар-смета хужжетлери жергиликли жойбарлаў кәрханалары тәрепинен ислеп шығылды. Усы бүгинниң өзинде қурылыс жумыслары баслап жиберилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети