Мойнақта қосымша қаржы дәреклеринен утымлы пайдаланылмақта
1422
Мийнет етсең, пал тамады аўзыңа, дегениндей, шынында да, мийнет ҳәр қандай инсанды бахытқа бөлейди.
Мойнақ районындағы Ҳәким ата аўыл пуқаралар жыйынының турғыны Зульфат Жийемуратов та халықаралық таңлаўлардың грант жеңимпазы болды.
Алдын хабар бергенимиздей, бул мәҳәлледеги ҳәким жәрдемшиси Әжинияз Абдирасуловтың жәрдеми менен аўылда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, олар ушын қосымша дәрамат дәреклерин табыў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.
Оның жәрдеминде аўыл турғыны З.Жийемуратов Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў бағдарламасы ҳәм Аралды қутқарыў халықаралық траст фонды тәрепинен жәрияланған таңлаўға өз жойбары менен қатнасып, жеңимпаз болды. Енди ол пал жетистириўди жолға қоймақта.
– Қәнигелердиң атап өтиўинше, күндиздиң өзинде пал ҳәрреси семьясы менен 10 килограммға шекем пал жыйнай алады екен. Бир семья 50 мың ҳәрреден ибарат болса, оның ҳәр бирине еки стакан суў зәрүр болады. Олар туўысқанларын ийисинен сезеди. Ал гүлдиң ийисин бир километр узақлықтан сезеди екен. Ҳәррениң бес көзи болады,-дейди қаҳарманымыз З.Жийемуратов. – Ҳәррелердиң мине усындай қәсийетлерин ҳәм пайдалы тәреплерин терең меңгерип атырмыз. Хабар алып кемшиликлеримизди сорап, жәрдем берип турғаны ушын ҳәким жәрдемшисинен миннетдармыз.
Жақсы нийет пенен пал ҳәрресин баға басладым. Алдағы режелеримиз ҳәрре уяларын еле де көбейтиў ҳәм жумысларымызды раўажландырыў.