Қарақалпақстан мектеплери халықаралық грант жеңимпазы болды
1971
Соңғы жыллары билимлендириў тараўына қаратылып атырған итибар нәтийжесинде билимлендириў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бул бағдардағы илажлар көлемин кеңейтиў бойынша халықаралық ҳәм жергиликли грантларды тартыў бойынша тийисли илажлар алып барылмақта. Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги ҳәм Қубла Кореяның “Ҳюндаи Ротем” компанияси менен 100 мың АҚШ долларлық еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша грант шәртнамасына қол қойылған еди.
Шәртнамаға муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласынан 7-52-8-санлы, Шымбай районынан 14-40-санлы, Әмиўдәрия районынан 27-санлы, Хожели районынан 24-санлы, Тақыятас районынан 7-санлы, Елликқала районынан 28-санлы, Қоңырат районынан 43-санлы жәми 10 улыўма орта билим бериў мектеплери 50 дана компьютер ҳәм 20 дана смарт электрон доскалары менен тәмийинленди. Халықаралық грант жойбары арқалы МКТ үскенелери бүгин Нөкис қаласында салтанатлы түрде күтип алынды ҳәм тийисли мектеплерге тапсырылды.