Питкериўши жасларға салтанатлы түрде медальлар тапсырылды
1740
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында республикамыздағы мектеплерде барлық пәнлерден айрықша баҳаларда оқып, жуўмақлаўшы имтиханларды табыслы тапсырған питкериўши жасларымызға алтын ҳәм гүмис медальларын тапсырыўға арналған салтанатлы илаж өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, барлық питкериўши жасларды қолға киргизген табыслары менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнде жасларды илимли-билимли, физикалық жақтан саламат инсанлар етип тәрбиялаў ҳәм камалға келтириў – мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланған. Сонлықтанда, соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға ҳәм оларды мүнәсип хошаметлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Буның айқын мысалы сыпатында, бир ғана Қарақалпақстанның өзинде жоқары оқыў орынлары саны 2016-жылдағы 6 дан 12 ге, студент болыў көрсеткиши 9 проценттен 41 процентке жеткерилди. Өткен жылы 10 мың жас қосымша квота тийкарында студент болған болса, бул ийгиликли ислер быйылғы жылы да даўам еттирилип, және қосымша 6500 квота ажыратылмақта.
Жаратылып атырған имканиятлар өз нәтийжесин көрсетип, 267 питкериўши мүддетинен алдын елимиздеги ҳәм дүньяның абырайлы жоқары оқыў орынларына студент болды. Мектеплерди питкерген 22 мыңнан аслам оқыўшы арасында 648 оқыўшы алтын, 188 оқыўшы гүмис медальлар ийесине айланды. Буннан соң, питкериўшилерге арналған медальлар салтанатлы түрде тапсырылды. Илаж көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети