Республикамыздағы халықаралық автомобиль жолында реконструкция жумыслары алып барылады
1281
Қарақалпақстан Республикасында Азия раўажланыў банки қатнасыўында халықаралық автомобиль жоллардың, жол тармақларының нәтийжелилиги, қәўипсизлиги ҳәм климатымызға шыдамлылығын арттырыў бойынша жойбарлар әмелге асырылады.
Ҳүрметли Президентимиздиң ПҚ-330-санлы «Жол хожалығы тараўын жәнеде раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкар А-380 "Ғузар-Бухара -Нөкис-Бейнеу" автомобиль жолының 673-698 км (25 км) аралығында (Қараөзек районы) улыўма баҳасы 60,9 млн долларлық реконструкция жумысларын алып барыў бойынша жойбар тастыйқланды.
Жойбар шеңберинде қурылыс -монтаж жумысларын әмелге асырыў бойынша кесип алып ислеўши шөлкемин анықлаў ушын тендер саўдалары жәрияланды.
Сондай-ақ, баҳалаў бойынша исши топар тәрепинен баҳалаў жумыслары ақырына жеткизиў тапсырылған ҳәм жеңимпаз компаниялар менен шәртнамаларға қол қойыў режелестирилген. Тез арада қурылыс жумыслары басланады.
Буннан тысқары, Азия раўажланыў банки қатнасыўында және бир перспективалы А-380 "Ғузар-Бухара -Нөкис-Бейнеу" автомобиль жолының 581-673 км (Төрткүл, Елликқала, Беруний, Қараөзек районы аймақлары) бөлегин реконструкциялаў жойбары бойынша банк қәнигелери менен бирге жойбар алды есабатларын таярлаў жумыслары әмелге асырылмақта.