Өзбекстан шығынды газларын кемейткени ушын Жәҳән банкинен төлем қабыл еткен дүньядағы биринши мәмлекетке айланды
1216
Энергетика секторында эмиссияларды кемейтиў бойынша ҳүкимет сиясатын қоллап-қуўатлаў бағдарламасы шеңберинде ерискен нәтийжелери есесине Өзбекстан Жәҳән банкинен төлем қабыл еткен дүньядағы биринши мәмлекет болды. Бул Жәҳән банкиниң мәмлекетке энергия нәтийжелилигин арттырыў, энергия субсидияларын қысқартыў ҳәм таза энергия дереклерине өтиўге көмеклесиўши «Өзбекстанда энергетика реформалары ушын инновациялық углерод ресурсларын қоллаў» (iCRAFT) жойбары шеңберинде әмелге асырылды. Усы түрдеги жойбар банк тәрепинен дүньяда биринши мәрте әмелге асырылмақта. Жойбар шеңберинде 500 мың тонналық ыссыхана газлары эмиссиясы нәтийжели кемейтилгени нәтийжесинде Жәҳән банкиниң Трансформациялық углерод активлери фонды (ТCАF) Өзбекстанға 7,5 миллион доллар муғдарында грант ажыратты. Усы нәтийжелерди үшинши тәреп бийғәрез түрде тастыйықлады. (https://t.me/wbuzbekistan/1752https://t.me/wbuzbekistan/1752) Жоқарыда келтирилилген төлем Өзбекстан ҳүкимети ҳәм Жәҳән банки арасында iCRAFT жойбары шеңберинде дүзилген Қысқартылған эмиссияларды сатып алыў шәртнамасы бойынша күтилип атырған бир неше траншлардың бириншиси есапланады. Келисимге бола, мәмлекет энергетика секторын реформалаў нәтийжесинде эмиссияларды, бийғәрез түрде тастыйықланған ҳалда, қысқартырғаны ушын 20 миллион долларға шекем грант қаржылары яки «углерод қаржыларын» алыў мүмкин болады.