Ташкентте бар барлық заманагөй медициналық хызметлер Нөкисте де жолға қойылмақта
1274
Бүгин Қарақалпақстан медицина институты университет клиникасында Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги тәрепинен әмелге асырылған жойбар шеңберинде заманагөй медициналық әсбап-үскенелер тапсырылыўына арналған салтанатлы илаж өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, соңғы жылларда елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында әмелге асырылып атырған ийгиликли жумысларға кең түрде тоқталып өтти.
Атап өтилгениндей, бул бағдарда медицина тараўын раўажландырыў арқалы халқымыздың саламатлығын беккемлеў ҳәм сапалы медициналық хызмет көрсетиўди жаңа басқышқа алып шығыў, сондай-ақ, усы жумысларды жеделлестириўде халықаралық бирге ислесиўши шөлкемлер менен шериклик тийкарында жойбарларды қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып атыр. Салтанатлы илажда Японияның Өзбекстандағы елшиси Такаши Хатори, Япония халықаралық бирге ислесиў агентлигиниң (JICA) президенти Ёшибуми Бито, Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министриниң биринши орынбасары Д. Султанов, Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министриниң биринши орынбасары Ш.Далиев, Қарақалпақстан медицина институты ректоры, сенатор О.Атаниязовалар қатнасты. Буннан соң, жаңадан алып келинген заманагөй медициналық әсбап-үскенелер көзден өткерилди.
«Ҳүрметлди Президентимиз 2023-жылда Қарақалпақстанлы сайлаўшылары менен болған ушырасыўында «Ташкентте бар барлық заманагөй медициналық хызметлер Нөкисте де жолға қойылады» деп атап өткен еди. Мине усы айтылған тапсырманың әмелде орынланыўы» — деп терең қанаатланыўшылық пенен атап өтти Жоқарғы Кеңес Баслығы Университет клиникасында жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысыў ўақтында. Айтып өтиў орынлы, Қарақалпақстан медицина институты жанында ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен жаңа инновациялық университет клиникасы дүзилген еди. Усы тийкарда республикамызда медицина тараўында кадрларды таярлаўда клиника тийкарғы билимлендириў базасы болып келмекте. Соңғы 5 жылдың өзинде институтқа 10 млн. доллардан артық инвестиция қаржылары тартылды. Япония халықаралық бирге ислесиў агентлиги тәрепинен әмелге асырылған 7,3 млн. долларлық жойбар шеңберинде университет клиникасына заманагөй медициналық әсбап-үскенелер тапсырылмақта. Жеткерип берилген 31 атамадағы медициналық әсбап-үскенелер медицина хызметкерлерин таярлаў, қайта таярлаў ҳәм тәжирийбесин арттырыўдың нәтийжели системасын қәлиплестириў, кадрлар потенциалын арттырыў, клиникада алдынғы медициналық методларды енгизиў сыяқлы ийгиликли ислерди әмелге асырыўға беккем тийкар жаратады. Соныда айрықша атап өтиў орынлы, усы жыл басынан берли Республикалық тез жәрдем орайы, Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем орайы, Нөкис қаласындағы 8-санлы шаңарақлық поликлиника, Берунийде районлар аралық Перинатал орайы жаңа имаратларының пайдаланыўға тапсырылыўы кеўиллерге мақтаныш сезимлерин бағышлайды. Соның менен бирге, быйылғы жылы инвестиция бағдарламасы шеңберинде 6 денсаўлықты сақлаў объектинде 46,5 млрд. сммлық қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта. Атап айтқанда, Шоманай районында көп тармақлы поликлиника, Елликқалада 90 орынлы туўыў бөлими, Төрткүлде 70 орынлы туўыў бөлими, сондай-ақ, Әмиўдәрья, Беруний районлары ҳәм Нөкис қаласындағы шаңарақлық поликлиникаларда қурылыс-реконструкция жумыслары даўам етпекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети