«Сайхунабад» тәжирийбеси тәжирийбемди арттырмақта
977
Хожели районы «Тутзар» мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Ибрайым ата Ембергеновты үй алды қыйтақ жерин гүллендирип отырған дийқан, десек асыра айтқан болмаймыз. Ол напақа жасында болса да тынып-тыншыўды билмейтуғын исбилермен ата. Үй алды қыйтақ жериндеги мийўе жемислер менен баў-бағшалардың гүлленип турған көриниси адамға өзгеше заўық бағышлайды. Оның қусшылықты раўажландырыў бойынша алып барып атырған жумыслары да мақтаўға ылайық.
-Колхозда жумыс ислеп пенсияға шықтым. Соң әўелден бар тәжирийбеме сүйенип, үй алды қыйтақ жерди егип басладым. Ҳәр жылы усы жеримизге шаңарағымызға керекли овощ-палыз егинлерин егип алып, аўысқанын базарға апарып сатып, дәрамат таўып отырмыз. Дәраматымыз жақсы. Әсиресе, мийнетиң менен тапқан нанның мазасы өз алдына. Сондай-ақ, 100 түптен аслам мийўе дарақларымыз бар. Мениң қол қанатларым болған ақлықларым бәрқулла қасымда жәрдемлесип жүреди. Сондай-ақ, бир ақлығым пал ҳәрресин бағыў менен шуғылланады. Оннан аслам пал ҳәрре қутыларымыз бар. 50, 80 килограмм пал аламыз. Дәраматы жақсы. Тәбийғый пал денсаўлыққа жүдә пайдалы екенлигин шаңарақ ағзаларымыз бенен бирге пайдаланып көрип келмектемиз. Алдағы ўақытлары пал ҳәрре қутыларының санын және де көбейтиў нийетиндемиз. Пал ҳәррениң және бир пайдалы тәрепи, қыйтақ жеримиздеги мийўе дарақлары ҳәм басқа да егинлердиң гүллери шаңланып жақсы өним бериўине жәрдеми көп. Қутыларды көширип турамыз. Усы жумысларды ислеўдеги қыйыншылықлар бар еди, мәҳәлле ақсақалынан жаслар ушын берилип атырған жеңиллетилген кредит алып, ақлығыма 33 миллионға мотоцикл сатып алып бердим.
Мәмлекетимизде Президентимиздиң тапсырмасы менен Сайхунабад тәжирийбеси кең көлемде алып барылмақта. Орынларда исленип атырған жумысларды телевизордан көрип менде руўхланып усы тәжирийбени үй алды қыйтақ жеримде әмелде сынап көрип атырман. Нәтийже жаман емес. Биогумус иследик. Оны егинлеримде пайдаланып, жақсы өним алып атырмыз. Мәселен, үй қапталындағы ыссыханамызда қыстың күнлери нәлди қутыларға биогумусқа ектик. Бәҳәрде нәллерди жерге тигип, тәрбиясын берип атырмыз. Сондай-ақ, Сайхунабад тәжирийбеси бойынша бағдың араларына помидор егип қойыппан. Басқа егинлерден ҳеш қандай кемиси жоқ. Ҳәзир помидорлар писип, жемисин берип атыр. Қаўын-ғарбызлар писиўге шамаласып тур. Сондай-ақ, бағып отырған қарамалларымыз ҳәм таўықларымыз да бар. Наманганнан алып келинген В-6 породасындағы түйе таўыққа уқсас таўықларымыздың саны отызға шамаласты. Бул таўықтың қоразы 25 кг ал, мәкейини 18 кг шекем гөш береди. Бир сөз бенен айтқанда Сайхунабад тәжирийбеси тәжирийбеме тәжирийбе қоспақта, -дейди ол.
Ибрайым ата сирә тынып-тыншыўды билмейди. Таң атып, қоразлардың дәслепки қышқыраўында-ақ, үй алдындағы қыйтақ жерине айланысып яки бағды бир аралап келмесе оның шайы қонбайды. -Таңғы таза ҳаўа, мың дәртке даўа,- дейди ол. Әсиресе, гүлленип турған егинлер менен мийўе дарақларынан бөлинип шығып атырған кислород адамға күш-қуўат бағышлайды. Сонлықтан да, мийўели дарақлар егиң. Мийнет етиң, мийнет инсанды шынықтырып, кемисиңди пүтин етеди.