Бүгин Қазақстан Республикасының Манғыстаў областы Ақтаў қаласында «Made in Uzbekistan. Industrial potential of Karakalpakstan» атамасындағы көргизбе-ярмаркасы өз жумысына баслады
Бул жерде дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев ҳәм Манғыстаў областы ҳәкими Қилыбай Нурдәулет Игилик улы басшылығында еки ел жуўапкерлери ҳәм исбилерменлери қатнасыўында ушырасыў өткерилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, мәмлекетлеримиз арасындағы тарийхый тийкарға ийе қатнасықлар өз ара бирге ислесиўдиң жаңа басқышқа көтерилиўи еки мәмлекет басшыларының келешек ушын тийкар жаратыў жолында алып барып атырған әдил сиясаты себепли әмелге асып атырғанын атап өтти.

Ушырасыўда қатнасыўшылардың итибары Өзбекстанда, соның ишинде Қарақалпақстанда инвестиция орталығын жақсылаў, жаңа жойбарларды әмелге асырыў ушын ҳәр тәреплеме қолайлы шараят жаратыў бағдарында алып барылып атырған реформаларға, сондай-ақ, Қарақалпақстан менен саўда байланысларын беккемлеў ҳәм кеңейтиўге каратылды. Айтып өтиў орынлы, бул ярмаркаға Қарақалпақстаннан бирге ислесиўди кеӊейтиў бойынша жаӊа келисимлер менен шәртнамаларды дүзиўге таяр 150 ге жақын ири бизнес ўәкиллери өз өнимлери менен қатнаспақта.
Әлбетте, шѳлкемлестирилген бул кѳргизбе-ярмаркасы еки ел арасында саўда-экономикалық байланысларды және де беккемлеўде, ѳз бизнесин еле де раўажландырыўды нийет еткен елимиз пуқаралары Қазақстанныӊ жетекши бизнес ўәкиллери менен исбилерменлик байланысларын орнатыўда айрықша әҳмийетли орын ийелейди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
