Қарақалпақстан делегациясы Маңғистаў областындағы ири кәрханалардың жумысы менен жақыннан танысты
1090
Өзбекстан Республикасының «Made in Uzbekistan. Industrial potential of Karakalpakstan» саўда-ярмаркасы шеңберинде Маңғистаўға келген рәсмий делегациясы ҳәм исбилерменлер ири кәрханаларда болды.
Өзбекстан Республикасының «Made in Uzbekistan. Industrial potential of Karakalpakstan» саўда-ярмаркасы шеңберинде Маңғистаўға келген рәсмий делегациясы ҳәм исбилерменлер ири кәрханаларда болды. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Республика делегациясы ҳәм исбилерменлери Маңғистаў областы ҳәкиминиң орынбасары А.Өрисбаев пенен бирге «Ақтау ОРC» көтере тарқатыў орайы, «Ақтаў теңиз саўда порты «Миллий компаниясы» АЖ, «Ақтаў теңиз порты» арнаўлы экономикалық зонасы АЖ, Автолух ЖШЖ көтере тарқатыў орайы жумысы менен танысты.
Өткерилген саўда-ярмаркасында еки тәреплеме меморандумға қол қойылды. Меморандум шеңберинде Республика делегациясына областтағы саўда объектлери жумысы таныстырылды. Сондай-ақ, исбилерменлер теңиз порты арқалы жүк тасыў процесине айрықша қызығыўшылық билдирди. Буннан тысқары, арнаўлы экономикалық зонада «West ECO Plast» ЖШЖде қадақлаў өнимлерин ислеп шығарыўшы завод (big bag) жумысы көзден өткерилди. Келесиде бул ислеп шығарыў жөнелислеринде бирге ислесиў ҳәм байланысларды орнатыў режелестирилип алынды.
Буннан тысқары, таныстырылған биринши объект «Ақтаў ОРC» ЖШЖ көтере тарқатыў орайы директоры Жеткизгенов Бекзаттың атап өтиўинше, июнь айында иске түсирилген комплекс 40 мың тонна азық-аўқат өнимлерин сақлаўға арналған. Усы мүнәсибет пенен комплекс сырт елден товарларды қабыл етиўге таяр. Форум шеңберинде исбилерменлер ушын қызғын жумыс ҳәм режелер жоқары дәрежеде усынылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети