Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығында республикамыз делегациясы Татарстанға барды
1286
Соңғы жылларда елимизде халықаралық байланысларды беккемлеў, саўда-экономика, инвестиция, гуманитар тараўлар ҳәм басқа да бағдарларда бирге ислесиўлерди жолға қойыў ҳәм кеңейтиў бойынша Президентимиз тәрепинен кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Бул бағдарда Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы аймақлары менен бир қатар жөнелислер бойынша бирге ислесиўлер жолға қойылған болып, бул байланыслар еледе беккемленбекте.
Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Татарстан Республикасы арасында бүгинги күнде жақын шериклик мүнәсибетлери орнатылғанлығын атап өтиў орынлы. Ҳәзирги ўақытта Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында жуўапкерлер ҳәм исбилерменлерден ибарат делегация Татарстанның Казань қаласында әмелий сапарын әмелге асырып атыр. Дәслеп Казань Экспо халықаралық көргизбе комплексинде Татарстан Республикасы саўда-санаат палатасы басқарыў баслығы Ш.Агеев пенен ушырасыў болып өтти.
Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, Қарақалпақстанның инвестициялық тартымлылығын арттырыў бағдарында Президентимиз басшылығында әмелге асырылып атырған реформалар, жаңа жойбарлар ушын кең имканиятлар, перспективалы жойбарларды иске түсириў ушын жаратылған шараятлар ҳаққында кең түрде атап өтти. Илажда республикамыздан барған ҳәм Россия Федерациясының 100 ге жақын исбилерменлери қатнасты. Өткерилген ушырасыўда бирге ислесиў бойынша жаңа жойбарларларды әмелге асырыў, исбилерменликти раўажландырыў, инвестициялық жойбарлар үстинде бирге ислесиў, товар алмасыўларды жолға қойыў ҳәм кеңейтиў мәселелери талқыланды.
Сондай-ақ, еки ел арасындағы байланысларды еледе беккемлеў бағдарында шериклик мүнәсибетлерин буннан-былайда даўам еттириў мәселелери сөз етилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети