Республикамыз делегациясы Татарстандағы ири ислеп шығарыў ҳәм хызмет көрсетиў орынлары жумысы менен жақыннан танысты
1583
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаевтың басшылығындағы республикамыз делегациясы Татарстанда әмелий сапарын даўам еттирип атыр.
Делегация ағзалары дәслеп Казань синтетикалық каучук заводы Акционерлик жәмийетине барды ҳәм заводтағы ислеп шығарыў процеси менен жақыннан танысты. Завод нефт-химия санааты кәрханаларынан бири болып, Россияда полисулфид полимерлерин ислеп шығарыўшы жетекши кәрханалардан есапланады. Улыўма 100 гектарлық ислеп шығарыў майданына ийе заводта 550 ден артық жумысшы қәнигелердиң бәнтлиги тәмийинленген болып, 160 түрдеги өним 5 өз алдына ислеп шығарыў майданларында ислеп шығарылады.
Буннан соң, фармацевтика тараўында Россия Федерациясы бойынша Топ-20 компаниялары қатарына кириўши «Татхимфармпрепараты» жумысы көзден өткерилди. Бул жерде делегация ағзалары дәри-дәрмақ ҳәм фармацевтика тараўында ислетилетуғын өнимлердиң ислеп шығарылыў процеслери менен жақыннан танысты. Татарстан Республикасы, Казань қаласына Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығындағы делегация Башир Рамеев атындағы IT-парк жумыслары менен жақынан танысыў мақсетинде барды, бул жерде исленип атырған жумыслары бойынша Презентация өткерилди. Келешекте бирге ислесиўди еледе раўажландырыў, яғный, Татарстан Республикасы кәрханалары қатнасыўында ( Нефт-газ, Транспорт логистика тараўын саңластырыў бағдарында) Қарақалпақстан Республикасында қоспа кәрхана шѳлкемлестириў бойынша меморандумға қол қойылды.
Сондай-ақ, Татарстан Республикасының IT кәрханалары менен программалық ѳнимлер бойынша бирге ислесиў бағдарында келисимге ерисилди. Татарстандағы ислеп шығарыў ҳәм хызмет көрсетиў орынлары менен танысыў даўамында жуўапкерлер ҳәм исбилерменлер менен бирге алдынғы тәжирийбелер үйренилди ҳәм алдағы ўақытта усы жөнелислер бойынша бирге ислесиўлерди жолға қойыў бағдарында режелер белгилеп алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети