Қарақалпақстан делегациясы Татарстандағы арнаўлы экономикалық зона жумыслары менен жақыннан танысты
1547
Татарстанға сапар шеңберинде Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығында республикамыз делегациясы «Алабуга» арнаўлы экономикалық зонасына барды. Айтып өтиў орынлы, «Алабуга» бүгинги күнде Россия Федерациясы аймағындағы ең ири санаат типиндеги арнаўлы экономикалық зоналардың бири есапланады. Бул жерде жүк автомобильлери ушын тиркемелер, пластик өнимлери сыяқлы бир қатар санаат өнимлерин ислеп шығарыў бағдарындағы әмелге асырылып атырған перспективалы жойбарлар, экономикалық зонада жаратылған шараятлар көзден өткерилди.
Сондай-ақ, делегация арнаўлы экономикалық зонада жайласқан Алабуга Политехника инженерлик колледжи жумыслары менен жақыннан танысты. Колледжде инженерлик бағдары, санаат ислеп шығарылыўы, электр энергетикасы, химия-технология, робототехника бойынша билим берилиўи жолға қойылған болып, экономикалық зонаның өзи колледж питкериўшилери ушын келешектеги жумыс орны есапланады. Коллеж администрациясы менен сөйлесиўлер даўамында Қарақалпақстанлы жаслар ҳәм мигрантларды оқытыў бойынша келисимге ерисилди.
Сондай-ақ, Татарстан тәжирийбеси бойынша IT тараўы бағдарында қәнигелерди таярлаў бойынша да келисимге ерисилип, алдағы режелер белгилеп алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети