Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығында исбилерменлер ҳәм тийисли жуўапкерлерден ибарат делегация Башқуртстан Республикасына барды
2136
Делегация ағзаларын Башқуртстан Республикасы Басшысы Радий Хабиров салтанатлы күтип алды. Буннан соң Уфа қаласында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Башқуртстан Республикасы Басшысы Радий Хабиров пенен ушырасты. Дәслеп Жоқарғы Кеңес Баслығы жыллы жүзлилик пенен күтип алғанлығы ушын өз миннетдаршылығын билдирди. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясы Президентлери қоллап-қуўатлаўы менен еки мәмлекет аймақлары арасында жақын шериклик мүнәсбетлериниң еледе беккемлениўине тийкар жаратылып атырғанлығын айрықша атап өтти.
Айтып өтиў керек, усы жылдың май айында Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов усы аймақта мийманда болған еди. Сондай-ақ, Россия Федерациясы Президентиниң Өзбекстанға сапары шеңберинде еки мәмлекет аймақлары арасындағы байланыслар бағдарында Жоқарғы Кеңес Баслығы ҳәм Башқуртстан Басшысы арасында сөйлесиўлер алып барылды. Жоқарғы Кеңес Баслығының усы регионда әмелий сапар менен болыўы болса еки ел арасындағы еледе тығыз байланысларды орнатыўға тийкар болып хызмет етеди. Өз нәўбетинде Башқуртстан басшысы еки регион арасында социаллық-экономикалық, мәдений-гуманитар байланысларды, жақын туўысқаншылық қатнасықларын еледе беккемлеў керек екенлигин, әмелге асырылыўы тийис илажлар бойынша 1 ҳәпте мүддетте белгиленген жол картаны қабыллаўды айрықша атап өтти ҳәм усы жылдың 31-август күни Уфа қаласының 450 жыллығы мүнәсибети менен өткерилетуғын байрам илажына мирәт етти.
Жоқарғы Кеңес Баслығы да усы жылдың 20-август күни Қарақалпақстанда өткерилетуғын ҳүрметли Президентимиздиң исбилерменлер менен ушырасыўы ҳәм халықаралық форумға Башқуртстан басшысы ҳәм усы регион исбилерменлерин мирәт етти. Еки тәреплеме шерикликти беккемлеў бағдарында бүгинги өткерилген ушырасыўда да бир қатар әҳмийетли мәселелер сөз етилди. Қарақалпақстан ҳәм Башқуртстан арасында дүзилген келисимге бола 2026-жылға шекемги әмелге асырылыўы тийис илажлар бойынша жол картасында белгиленген режелер шеңберинде бирге ислесиўдиң даўам еттирилиўи атап өтилди. Бүгинги өткерилген ушырасыўдың тийкарғы мақсети де мине усы ерисилген келисимлерди әмелге асырыў бойынша жумысларды системалы жолға қойыўға қаратылған. Ҳәзирги ўақытта нефть ҳәм газ химиясы, аўыл хожалығы, туризм ҳәм басқа да бағдарлар бойынша бир қатар қоспа жойбарлар үстинде бирге ислесиў жумыслары алып барылмақта. Өткерилген ушырасыўда мине усы жөнелислерде жақын шериклик мүнәсибетлерин даўам еттириў, билимлендириў тараўында да қатнасықларды орнатыў, Қарақалпақстанда Уфа жанылғы-энергетика колледжиниң филиалын шөлкемлестириў бойынша келисип алынды. Ушырасыў жақыннан пикирлесиў формасында даўам етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети