Еки ел исбилерменлери арасында байланысларды орнатыў мәселелери талқыланды
2611
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳәм Башқуртстан Республикасы Бас министри Андрей Назаров пенен биргеликте еки ел бизнес ўәкиллери ҳәм жуўапкерлери қатнасыўында ушырасыў өткерилди. Өткерилген ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы шығып сөйлеп, Қарақалпақстанның инвестициялық тартымлылығын арттырыў бағдарында Президентимиз басшылығында әмелге асырылып атырған реформалар, жаңа жойбарлар ушын кең имканиятлар, перспективалы жойбарларды иске түсириў ушын жаратылған шараятлар, бул бағдарда ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы қарар ҳәм пәрманлары тийкарында өз алдына берилген жеңилликлер ҳаққында кең түрде атап өтти.
Қарақалпақстан Орайлық Азияның орайында жайласқан Өзбекстанның ең ири регионының бири екенлиги, оның инвестициялық потенциалы, ҳәр қандай инвестор ҳәм исбилермен ушын исенимли бизнес шериги бола алатуғынлығы, инвестициялық тартымлылықты арттырыў бағдарындағы мүмкиншиликлер айрықша тилге алынды. Сондай-ақ, ҳәр еки тәреп арасындағы байланыслар бүгинги күнде еле де беккемленип атырғанлығы, буның ушын парламентлер аралық жақыннан пикирлесиў жолға қойылғанлығы, бунда әлбетте, еки мәмлекет Президентлериниң айрықша қоллап-қуўатлаўы тийкар болып хызмет етип атырғанлығы да айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы Башқуртстан исбилерменлерин Қарақалпақстанда биргеликте кәрханаларды иске түсириўге, жаңа базарларға биргеликте жол ашыўға ҳәм Қарақалпақстанның инвестициялық потенциалы тийкарында перспективалы жойбарларды әмелге асырыўға шақырып қалды. Ушырасыў еки ел исбилерменлери ҳәм жуўапкерлери қатнасыўындағы В2В форматындағы сөйлесиўлер менен даўам етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети