Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында
3085
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары Буннан отыз үш жыл алдын оғада аўыр ҳәм қурамалы тарийхый жағдайда қолға киргизилген миллий ғәрезсизлигимиз бүгинги күнде көп миллетли пүткил халқымызды Жаңа Өзбекстанды қурыўдай уллы мақсет жолында бирлестирип, жаңа табыс ҳәм шеклерге қарай илҳамландырмақта. Әйне ғәрезсизлик себепли мәмлекетимиз суверен, демократиялық, ҳуқықый, социаллық ҳәм дүньялық мәмлекетке, халықаралық ҳуқықтың толық субъектине айланды. Дүнья бизди жаңадан таныды ҳәм тән алды. Жер жүзиндеги түрли мәмлекетлер ҳәм халықлар менен дослық ҳәм бирге ислесиў байланысларымыз барған сайын кеңейип, мәмлекетимиздиң халықаралық майдандағы орны ҳәм абырайы артып бармақта. Әсиресе, кейинги жыллары мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли демократиялық реформалар процесинде ғәрезсиз мәмлекет болып, дүньяға ашылып жасаў, еркин ҳәм азат халықлар шаңарағында мүнәсип орын ийелеп, заманагөй раўажланыўға ерисиў қаншелли уллы бахыт ҳәм мақтаныш, үлкен жуўапкершилик екенин терең сезбектемиз. Халықларымыздың миллий мәплерин тәмийинлеўге қаратылған ишки ҳәм сыртқы сиясат бағдарындағы түпкиликли өзгерислер, ерисилип атырған әмелий нәтийжелер халықаралық жәмийетшилик тәрепинен тән алынбақта ҳәм қоллап-қуўатланбақта. Бәршемиз инсан қәдири жоқары норма болған жаңа өмир, жаңа жәмийет қурыў жолында қолға киргизген жеңислеримизди ғәрезсиз раўажланыў идеясына бәрқулла садық, мәрт ҳәм сабырлы халқымыздың пидәкерлик мийнети, ақыл-санасы ҳәм дөретиўшилик потенциалының өними деп билемиз ҳәм мине, усындай уллы елдиң перзентлери екенимизди шексиз мақтаныш етемиз. Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллық даңқлы сәнесин ҳақыйқый улыўмахалықлық байрамы, азатлық ҳәм бахыт әййямы сыпатында көтериңки кейпиятта күтип алыў ҳәм мәмлекетимиздиң бүгинги раўажланыў дәрежеси, жоқарылаў пәтлерин мүнәсип тәризде белгилеў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша республикалық комиссияның (кейинги орынларда – Республикалық комиссия) қурамы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Республикалық комиссия (А.Арипов):
- Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында өткерилетуғын тийкарғы байрам илажларының бағдарламаларын таярлаўға жоқары профессионал шебер ҳәм тәжирийбеге ийе болған сценарийши ҳәм режиссёрлар, шайыр ҳәм жазыўшылар, композитор ҳәм балетмейстерлер, сахна художниклери, мақам ҳәм бақсышылық көркем өнериниң ўәкиллери, қәбилетли жас атқарыўшылардан ибарат дөретиўшилик топарлар кеңнен тартылсын.
- Орынларда Ғәрезсизлик байрамын жоқары дәрежеде белгилеў мақсетинде төмендеги мәселелерге айрықша итибар қаратылсын:
- Мәденият министрлиги (О.Назарбеков):
- Өткерилетуғын байрам илажлары:
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, «Дунё» мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Ғәрезсизлик байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды кеңнен сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң Администрациясы Социаллық раўажланыў департаментиниң баслығы О.К.Абдурахмановқа жүкленсин.