Сайлаў Кампаниясына старт берилди
2441
Бүгин Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм Сайлаў кодексинде белгиленген мүддетлерден келип шығып, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли кеңеслер депутатлары сайлаўы кампаниясына старт берилди. Өзбекстан Республикасы Конституциясының 128-статьясына ҳәм Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 14-, 36-статьяларына муўапық, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатлары сайлаўлары 2024-жыл 27-октябрь, екшемби күни өткериледи. Усы мүнәсибет пенен бүгин Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилиси шөлкемлестирилди. Мәжлис күн тәртибинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары ҳәм Халқ депутатлары қала ҳәм районлық кеңеслери сайлаўларын өткериўди шөлкемлестириў мәселелери қаралды. Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясында 21 ағза бар болып, олардың ҳар бирине тийисли ўазыйпалар бөлистирилди. Сондай-ақ, өткерилетуғын сайлаў процесслерин оператив түрде ғалаба хабар қураллары арқалы кең сәўлелендирип барыў мақсетинде комиссия жанынан аймақлық баспасөз орайы шөлкемлестирилип, оған ғалаба хабар қуралларынан 4 ўәкил бекитилди. Мағлыўмат ушын соны айтып өтиў керек, Қарақалпақстан Республикасы аймағында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына 4 округ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлығына 65 округ, Халық депутатлары қала ҳәм районлық кеңеслеринде округлер ҳәмде 654 сайлаў участкасы дүзилиўи нәзерде тутылған. Быйылғы сайлаў алдынғы сайлаўлардан түпкиликли парық қылады. Өзбекстан тарийхында биринши мәрте Олий Мажлис Нызамшылық палатасы сайлаўлары аралас сайлаў системасы, яғный мажоритар ҳәм пропорционал система тийкарында өткериледи. Депутатлардың жетпис беси тиккелей мажоритар система тийкарында, яғный сайлаўшылар өзлерине мақул талабанларға даўыс бериў жолы менен, қалған жетпис беси болса, пропорционал система бойынша сиясий партияларға берилген даўыслар тийкарында сайланады. Өткерилген мәжлис күн тәртибиндеги барлық мәселелер додаланып, тийисли қарарлар қабыл етилди.