Жаңа суў тежеўши технологиялар алып келинбекте
2332
Қарақалпақстан Республикасы суў хожалығы министрлиги ҳәм Глобал жасыл өсиў институты (Қубла Корея) арасында бирге ислесиў бойынша меморандумға қол қойылған еди. Меморандумда Қарақалпақстан Республикасында суў тежеўши технологияларды енгизиў мақсетинде техникалық жақтан жәрдем бериў режелестирилген. Бирге ислесиў шеңберинде Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги (КОИCА) тәрепинен қаржыландырылған ҳәмде Глобал жасыл өсиў институты (ГГГИ) тәрепинен “Арал теңизи апатшылығы ақыбетлерин жумсартыў ушын Қарақалпақстан Республикасын жасыл реабилитациялаў” инвестиция жойбары әмелге асырылмақта. Жойбар шеңберинде баҳасы 850 мың доллардан артық қаржы тийкарында технологиялар Қарақалпақстанға алып келиниўи ҳәм әмелиятқа енгизилиўи белгиленген. Жақында Шымбай районындағы «Жүзбасы» фермер хожалығына CASSELLA компаниясы тәрепинен баҳасы 70 мың долларлық Италияда ислеп шығарылған шлаң барабанлы машиналар жеткерип берилди.
Бул суўғарыў технологиясы – суў тежеўши технология жамғырлатып суўғарыў типине киретуғын Мобиль суўғарыў системасы есапланады. Қәнигелердиң мағлыўмат бериўинше бул усыл – дәстүрий суўғарыўға салыстырмалы 40-50 пайызға шекем суўды үнемлейди. Барабан машиналарының тийкарғы артықмашылығы жоқары ҳәрекет етиў. Бундай машиналардан бири жүдә үлкен майданды суўғарыўды тәмийинлейди – суўғарыў кеңлиги 100 метр ҳәм шлаң узынлығы 400 метр, улыўма 4 гектар майданды суўғарыў имканияты бар. Бир машина күнине онлаған гектар майданларды суўғарады. Үлкен майданларда бир ўақыттың өзинде бир неше шашыўшылардан пайдаланылады, бул өз нәўбетинде кең майданларды тез ҳәм нәтийжели суўғарыў имканын береди. Атап өтиў керек, жойбар шеңберинде Бозатаў, Қараөзек ҳәм Кегейли районларына да усы түрдеги жамғырлатып суўғарыў технологиялары алып келиниўи белгиленген. Аўыл хожалығы өнимлериниң жетистириўшилери егерде усы тежеўши технологияларын өз атыз майданларында енгизсе Президентимиздиң 2022-жыл 1-марттағы “Аўыл хожалығында суў тежеўши технологияларды енгизиўди жәнеде жетилистириў ис-илажлары ҳаққында”ғы 144-санлы қарар талаплары тийкарында субсидия қаржыларын алыўы мүмкин.