“30-июль – Халықлар дослығы күни” байрамы ҳəмде усы сəнеге бағышланған “Дослық фестивалы” мүнәсибети менен гала-концерт болып өтти
2234
Бүгин Нөкис қаласындағы орайлық амфитеатрда «30-июль – Халықлар дослығы күни» байрамы ҳəмде усы сəнеге бағышланған «Дослық фестивалы» шеңберинде Россия, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Әзербайжан, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының белгили қосықшылары қатнасыўында гала-концерт бағдарламасы болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, бүгинги күнде елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында миллетлер аралық дослықты ҳәм татыўлықты беккемлеў, халықлар арасында өз-ара аўызбиршилик, кеңпейиллик ҳәм мийрим-шәпәәт орталығын еле де күшейтиў, олардың миллий мәдениятын, үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин қəстерлеп-сақлаў ҳәм раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти. Айтып өтиў орынлы, байрам илажлары «Дослық» каналыныӊ бойында ҳәм Нөкис қаласының орайында орнатылған Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары жанында халық сейиллери, миллий мәдений орайлар, миллий тағамлар, сүўретши ҳәм өнерментлердиӊ көргизбелери менен даўам етти.
Соңғы жыллары елимизде “Халықлар дослығы күни” байрамы ҳәм “Дослық фестивалы” көтериңки руўхта өткерилип келинбекте. Ҳәр жылы ҳүрметли Президентимиз тəрепинен көп миллетли халқымызға айрықша ҳүрмет көрсетилип, бир қатар Ўатанласларымыз “Халықлар дослығы” көкирек нышаны менен сыйлықланып, миллий-мәдений орайларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға итибар қаратылып атыр.
Бул бағдарда әмелге асырылып атырған илажлар ең тийкарғы байлығымыз болған елимиз тынышлығын сақлаўда, халықлар дослығын, миллетлер-аралық татыўлықты жəне де беккемлеўде əҳмийетли орын тутпақта. Бүгинги күнде елимизде жасап атырған түрли миллет ўәкиллери бир мақсет жолында бирлесип, ана-Ўатанымызды еле де раўажландырыў жолында аянбай мийнет етип, жоқары табысларды қолға киргизип келмекте. Байрам илажы белгили қосықшылар атқарыўындағы гала-концерт бағдарламасы менен даўам етти. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети