Сиясий партиялардың ўәкилликли ўәкиллери дизимге алынды
1549
Усы жыл 31-июль күни Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилисинде сиясий партиялардың Қарақалпақстандағы ўәкилликли ўәкилин дизимге алыўға байланыслы мәселе көрип шығылды. Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы З.Камалов, сайлаў комиссиясы ағзалары, сиясий партиялардың аймақлық кеңес ўәкиллери ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты. Онда атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексине тийкарланып депутатлыққа талабанларды көрсеткен сиясий партия сайлаў комиссиясының мәжилислеринде, ҳүжжетлерди тапсырыўда, қолтаңба қағазларын, ҳүжжетлердиң дурыс толтырылғанлығын тексериўде, сайлаў участкасында даўысларды санап шығыўда қатнасыўы ушын өзиниң кепилликли ўәкилин белгилеўге ҳақылы. Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы “Сайлаў ҳаққында”ғы Нызамының 14, 26, 34-статьяларына муўапық, Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси, Өзбекстан “Адолат” социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси, Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси, Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ҳәм Өзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеминиң кепилликли ўәкиллерин дизимге алыў мәселеси көрип шығылды.
Сиясий партиялардың Қарақалпақстандағы кепилликли ўәкиллерине көрсетилген талабанлар туўралы Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы ағзаларының пикир-усыныслары тыңланды. Додалаўлардан кейин сиясий партиялардың Қарақалпақстандағы кепилликли ўәкиллерин дизимге алыў ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының қарары қабыл етилди.
Соның менен бирге, мәжилистен соң сиясий партиялардың сайлаўда қатнасыўын қоллап-қуўатлайтуғын сайлаўшылардың қолтаңбасын топлаў ушын белгиленген үлгидеги қолтаңба қағазлары тапсырылды. 