«Энергия ресурсларын үнемлеўдиң нәтийжели бир айлығы» жәрияланып, ўазыйпалар белгилеп алынды
1467
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев энергия нәтийжелилигин арттырыў, тәбийий газ, электр энергиясы ҳәм ишимлик суўын үнемлеў бойынша ис-илажларға арналған видеоселектор мәжилисин өткерди. Онда республика, қала ҳәм район сектор басшылары, тийисли министрлик, мәкеме жуўапкерлери қатнасты.
Мәжилисте бүгинги күнде энергия ресурсларына болған талап күн сайын артып баратырғаны, энергия ресурслары менен халқымызды ҳәм экономикалық тармақларды толық тәмийинлеў ең әҳмийетли мәселе болып, тәбийий газ ҳәм электр энергиясынан мақсетли пайдаланыў бағдарындағы жумыслар қайта көрип шығылыўы кереклиги, энергия ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, оларды үнемлеў зәрүрлиги атап өтилди. Онда сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес Президиум Қарары менен Қарақалпақстан Республикасында 2024-жыл 10-август – 10-сентябрь күнлери аралығында «Энергия ресурсларын үнемлеўдиң нәтийжели бир айлығы» жәрияланып атырғанлығы ҳәм бул бағдарда тийисли илажлар шөлкемлескенлик пенен алып барылыўы кереклиги айрықша тилге алынды.
Соны айрықша айтыў керек, бүгинги күнде энергия ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм үнемлеў, қайта тиклениўши энергия дереклерин орнатыў бойынша бир қатар мақсетли көрсеткишлер белгилеп алынған. Бүгинги мәжилис шеңберинде де басшыларға ҳәм жуўапкерлерге усы жөнелисте бир қатар тийисли тапсырмалар берилди. Мәжилис жуўмағында ўазыйпалар белгилеп алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети