Президент қоспа кәрхананың жаңа жойбары менен танысты
786
Президент Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстан Республикасына сапарын санаат потенциалы менен танысыўдан баслады. “Nukus Eleсtroapparat” қоспа кәрханасы 2017-жылда иске түскен, онда электр энергиясы тармағы ушын күшлениў қурылмалары ислеп шығарылады. Усы жылы июльнда бул жерде 10 миллион доллардан артық қаржы есабына қуяш панельлерин ислеп шығарыў жойбары иске түсирилди. Үскенелер Корея Республикасынан алып келип орнатылды. Ислеп шығарыў процеси 100 пайыз автоматластырылған. Жойбардың жыллық қуўатлылығы 273 мың даңа.
Бул мәмлекетимизде турақлы энергетикадан пайдаланыў бағдарындағы жумысларда қол келеди. Ҳәзирге шекем түрли обьект ҳәм үйлерде 600 мегаватт қуўатлылықтағы қуяш панельлери орнатылған. Бул еле даўам етеди. Қоспа кәрхана ишки базарда талап жоқары өнимди локализацияластырыў менен бирге 4 миллион долларлық экспорт имкәниятына да ийе болды. 70 адам жумыс пенен тәмийинленди.
Мәмлекетимиз басшысы жумыс процесин көзден өткерди, қәнигелер менен пикирлести. Жуўапкерлерге бундай кәрханаларды көбейтиў, оларда базар талабы жоқары өнимлер ислеп шығарыў бойынша көрсетпелер берилди. Усы жерде тармақ кәрханаларында ислеп шығарылып атырған өнимлер көрсетилди. Заводтың өзинде де 125 киловатт қуўатлылығына ийе қуяш панельлери орнатылған. Оннан алынған электр ишки мүтәжликлер ушын ислетиледи, артықшасы аймақлық электр тармағына сатылады.
Соңғы жылларда елимизде 2 миллиард доллар инвестиция есабына қуўатлылығы 2,6 гигаватт 10 қуяш ҳәм самал станциялары иске түсирилди. Сондай-ақ, улыўма баҳасы 19 миллиард доллар болған 18,6 гигаваттлы 32 “жасыл” жойбар бойынша жумыс алып барылмақта. Улыўма, 2030-жылға шекем энергетика балансында қайта тиклениўши қуўатлылықлар үлесин 40 пайызға жеткериў мақсет етилген.