Аралбойында жаңаша индустрия ҳәм исбилерменлик руўхы
906
Қарақалпақстан Республикасында самал электр станциялары ҳәм санаат кәрханалары қурылысы басланды, саўда комплекслери иске түсирилди.
Усы мүнәсибет пенен өткерилген мәресимде Президент Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстанның экономикалық раўажланыўы ҳаққында шығып сөйледи.
Буның ушын аймақта кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Соңғы бес жылда санаат, исбилерменлик ҳәм инфраструктура тараўларында 50 ден артық жеңилликлер берилген. Соннан, инвестиция жойбарларын әмелге асырыў ушын туўрыдан-туўры жер ажыратыў ҳуқықы тек ғана Қарақалпақстанда енгизилген. Баҳасы 50 миллиард сумнан жоқары жойбарларға инфраструктура да тартып берилмекте.
Жеңилликлер есабына өткен дәўирде исбилерменлер ықтыярында 2 триллион сумнан артық қаржы қалған.
Аймақта исбилерменлик инфраструктурасын жақсылаў ушын 44,5 триллион сум қаржы бағдарланған. Нәтийжеде ақырғы жылларда 25 мыңнан артық жаңа исбилерменлик субъекти пайда болған.
Бир ғана өткен жылда 345 миллион долларлық 1 мың 400 ден артық жойбар әмелге асырылып, 10 мыңнан артық жаңа жумыс орны жаратылды. Усы жылдың биринши ярымында 730 миллион доллар сырт ел инвестициясы өзлестирилди.
Қарақалпақстанда сырт ел капиталы менен шөлкемлестирилген кәрханалар саны да көбейип бармақта. 2017-жылда 73 сырт ел ҳәм қоспа кәрхана болған болса, бүгинги күнде олардың саны 175 ке жетти.
Ҳәзирги ўақытта аймақ экономикасына түртки бериўши дерлик 9,5 миллиард долларлық 120 дан артық жаңа ири жойбарлар әмелге асырылмақта. Усы жойбарлар 2025-2028-жылларда басқышпа-басқыш иске түсириледи. Нәтийжеде 20 мыңнан артық жумыс орны, 12 триллион сумлық ислеп шығарыў қуўатлылығы ҳәм бюджетке 500 миллиард сум қосымша түсим жаратылады.
Мәмлекетимиз басшысы қурылысы басланып атырған ҳәм иске түсирилип атырған комплекслердиң әҳмийети ҳаққында тоқталды.
Елимиздеги экономикалық өсим пәтлери энергетика тараўында үлкен ўазыйпаларды қоймақта.
Соңғы жылларда 2 миллиард доллар инвестиция есабына қуўатлылығы 2,6 гигаватт 10 қуяш ҳәм самал станциялары иске түсирилди. Жыл жуўмағына шекем қосымша 1,5 гигаватт қуўатлылықлар тармаққа байланысып, «жасыл» энергия үлеси 15 пайызға жеткерилди.
Буннан тысқары, улыўмалық баҳасы 19 миллиард доллар болған 18,6 гигаваттлы 32 «жасыл» жойбар әмелге асырылмақта.
Президентимиз бунда Қарақалпақстан Республикасының үлеси үлкен екенлигин атап өтти. Абырайлы изертлеў институтлары есап-китапларына бола, Қарақалпақстанда 680 гигаватт қуяш, 120 гигаватт самал энергиясы потенциалы бар.
2030-жылға шекем Қарақалпақстанда 11 миллиард доллар туўрыдан-туўры инвестиция есабына, жәми 10,3 гигаватт қуўатлылыққа ийе 10 ири самал электр станциясы қурылыўы режелестирилген. Бул жойбарлар толық иске түсиўи есабына жылына 35 миллиард киловатт саат “жасыл” энергия алынады.
Қуўатлылық узатыўда турақлылықты тәмийинлеў ушын Қоңырат, Беруний ҳәм Қараөзек районларында жәми 400 мегаваттлық 3 электр энергиясын сақлаў системасы қурылады.
Бүгин усы жойбарлардың бир нешеси бойынша қурылыс жумыслары басланбақта. Бириншиси, Қытайдың “Sany Renewable” компаниясы тәрепинен Қоңырат районында қурылатуғын баҳасы 1 миллиард 200 миллион долларлық, 1 гигаватт қуўатлылықтағы самал электр станциясы. Екиншиси, Саудия Арабстанының “ACWA Power” компаниясы менен биргеликте Беруний ҳәм Қараөзек районларында шөлкемлестирилетуғын баҳасы 250 миллион долларлық 100 мегаватт электр энергиясын сақлаў системасына ийе 200 мегаватт қуўатлылықтағы самал электр станциясы.
Келесиде оларда жылына 4 миллиард 200 миллион киловатт саат яки 1 миллион 750 мың үйдиң бир жыллық тутыныўына тең «жасыл» энергия ислеп шығарылады. Нәтийжеде дерлик 1,3 миллиард метр куб тәбиий газ үнемленеди ҳәм атмосфера патасланыўы дерлик 2 миллион тоннаға қысқарады.
Әҳмийетлиси, буның менен бир ўақытта Қоңырат районында самал турбинасы бөлеклери, минаралары ҳәм қанатларын ислеп шығарыў бойынша кәрханалар қурылыўы да басланбақта. Нәтийжеде жылына 1 000 мегаватт қуўатлылықтағы самал турбина бөлеклери ҳәм 120 минараны ислеп шығарыў локализацияластырылып, 100 миллион долларлық импорт орнын басыўшы өнимлер таярланады.
Быннан тысқары, Нөкис районында 24 миллион доллар инвестиция есабына жылына 20 миллион дана ысытыў радиаторларын ислеп шығарыў жолға қойылады.
Қала ҳәм районларды абат етиў, пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў мәселелери де итибарда. Усы күнлерде санаат, аўыл хожалығы, туризм ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында 62 миллион долларлық 12 жойбар иске түсирилмекте. Мәресимде олардан екеўи – Беруний районы ҳәм Нөкис қаласындағы ири саўда комплекси ашылды.
Мәмлекетимиз басшысы символикалық түймени басып, жаңа объектлердиң қурылысы ҳәм жумысын баслап берди. Ҳәммени мәмлекетимиз экономикасында үлкен әҳмийетке ийе усы жойбарлар менен қутлықлады.