Қарақалпақстанлы жаслар IT кәсиплерин пуқта ийелемекте
859
Президент Шавкат Мирзиёев Программалық өнимлер ҳәм информация технологиялары технологиялық паркиниң Қарақалпақстан филиалын барып көрди.
Соңғы жылларда мәмлекетимизде информация технологиялары тараўы жедел раўажланып бармақта. Жети жыл алдын елимизде IT компаниялары саны 147 болған болса, бүгинги күнде 2 мыңнан асты. Оларда 30 мың қәниге жоқары дәраматлы жумыс пенен бәнт. 70 мыңнан аслам жаслар IT менен еркин шуғылланып атыр.
“Өзбекстан – 2030” стратегиясында усы тараўда экспорт көлемин 5 миллиард долларға жеткериў ҳәмде 300 мың жасты жумыс пенен бәнт етиў режелестирилген. Шетки аймақларда да IT-қалашалар шөлкемлестириўге кирисилген.
Соннан, Қарақалпақстанда IT-парк резидентлери саны өткен жыл жуўмағына салыстырғанда бүгинги күнде үш есеге артып, 108 ди қурайды. Олар тәрепинен 310 қәниге жумыс пенен тәмийинленген. 2024-жылдың биринши ярымында хызметлер көлеми 2,4 есеге, экспорт көлеми болса 1,7 есеге көбейди.
Билимлендириў резидентлери тәрепинен 25 мың жаслар ҳәм мәмлекетлик хызметкерлер оқытылып, тәжирийбеси арттырылды. “Бир миллион бағдарламашы” жойбары шеңберинде онлайн платформа арқалв 2023-жылда 18 мың жаслар оқытылған болса, 2024-жылдың усы күнине шекем 29 мың жас оқытылды. Усы жылда 33 мыңнан артық жасқа билим бериў режелестирилген.
Бул нәтийжелер жаратылған шараяттың сәўлелениўи. Мәмлекетимиз басшысы 2021-жыл аймаққа сапары ўақтында IT-парк ушын жаңа имарат қурыў бойынша көрсетпе берген еди. Усыған муўапық, Нөкис қаласы орайында 17 қабатлы заманагөй имарат қурылды. Бул жерде IT-тәлим ҳәм коваркинг орайлары, офислер, конференция залы ҳәм хызмет ханалары бар. Сондай-ақ, имаратқа IT-парк резидентлери, тараўда жумыс алып барып атырған инвесторлар, шет елли аутсорсинг кәрханалар жайластырылады.
Алдын еки қабатлы имаратта ашылған IT-парк бүгин көзди қуўандыратуғын комплекске көшкени режелер үлкенлигинен дерек береди.
Президентимизге имаратта орынланған жумыслар, тараўдағы нәтийжелер ҳәм режелер ҳаққында мәлимлеме берилди.
Мәселен, алдын АҚШтың Амазон компаниясында ислеген қарақалпақстанлы Бекназар Абдикамалов елине қайтып, өзиниң HUPO стартапына 4 миллион доллар инвестиция тартқан. Мәмлекетимиз басшысы оның менен сәўбетлесип, басламаларын қоллап-қуўатлады.
Мәмлекетимиз басшысы IT-парк резидентлери, информация технологиялары тараўында жумыс алып барып атырған қәнигелер менен пикирлести. Жаслардың пикирлерин тыңлап, усынысларын қоллап-қуўатлаў бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берди.
– Бул тараўда стартапларды турмысқа енгизсек, ҳәм тармақта нәтийжелилик артады, ҳәм мәмлекет қәрежетлери кемейеди, ҳәм жаслар ушын жумыс орынлары пайда болады, - деди Шавкат Мирзиёев.
Имаратта UZINFOCOM орайының филиалы да жайласқан. Орай аймақ жасларын uStudy бағдарламасы арқалы заманагөй кәсиплерге оқытады. Тәжирийбеси арттырылған кадрлар өз тараўы бойынша заманагөй компанияларға жумысқа жайласады.
Президент барлық аймақларда IT парклер ушын мәмлекетлик-жеке шериклик тийкарында усындай көп қабатлы имаратлар қурыў кереклигин атап өтти.
– Оларда орталық сондай болыў керек, жаслар өзлерин еркин сезсин. Аўқатланыў, дем алыў, спорт ҳәм басқа хызметлер жыйналған болсын. Имаратлар қалалардың орайында, жасларға қолайлы орында болғаны мақул, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Усы IT-паркти Қарақалпақстанның районларындағы мектеплер менен байланыстырып, тараўға қызығыўшы жасларды оқытыў, келесиде жоқары дәраматлы жумысларға тартыў бойынша көрсетпелер берилди.