Нөкистеги жаңа емлеўхана илимий-әмелий медицина орайы болады
1003
Президент Шавкат Мирзиёев Республика қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалын барып көрди.
Бул орай алдын ески имаратта жайласқан еди, бир ханада 4-5 наўқас жатар еди, санитариялық ханалар улыўма жоқ еди. Заманагөй үскенелер ушын сәйкес келмей қалған еди.
Өзбекстан Президентиниң 2022-жыл 7-июльдағы «Қарақалпақстан Республикасында 2022-2024-жылларда халықтың саламатлығын қорғаўды жәнеде күшейтиў ҳаққында»ғы қарары орынланыўы шеңберинде медициналық хызметлер сапасы ҳәм қамтыўы артып бармақта.
Соннан, усы жыл февральда Нөкис қаласында Республика қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалының жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды. Бул ғәрезсизлик жылларында Қарақалпақстанда «нолден» қурылған биринши көп тармақлы емлеўхана болды.
Мәмлекетимиз басшысы бул жердеги шараятлар менен жақыннан танысты.
4 қабатлы жаңа имаратта қыстаўлы қабыллаў-диагностика, реанимация, хирургиялық, нейрохирургиялық, травматология, кардиология, гинекология, педиатрия, лаборатория диагнозы ҳәм әмелият бөлимлери жайласқан. Барлық бөлимлер заманагөй медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинленген.
130 орынлы жаңа комплексте наўқаслар ҳәм шыпакерлер ушын барлық шараят жаратылған. Бир хана еки адамға арналған, өз алдына санитариялық бөлмелери бар.
Наўқас өмирин сақлап қалыўда ўақыт тийкарғы орынды ийелейди. Сонлықтан орайда наўқасларды кеселлик дәрежеси бойынша сайлап алатуғын триаж бөлими шөлкемлестирилген. Яғный, мүрәжат еткен инсан ўақыт жоғалтып, сергиздан болмайды. Бул жерге шыпакердиң өзи түсип, наўқасты қайсы бағдарда емлеў зәрүрлиги бойынша жуўмақ береди ҳәм керекли бөлимлерге бағдарлайды.
Алдын мүрәжат еткен наўқаслардың көпшилиги емлеўханаға жатқарылған. Енди белгили медициналық емлеўлерден кейин, наўқастың жағдайына қарап жасаў орнында амбулатор емлениўге рухсат бериледи. Сондай-ақ, алдын жүрек-қан тамыр кеселликлери менен мүрәжат еткен наўқасларға әпиўайы тексериў усылларында жәрдем көрсетилген. Енди жаңадан алып келинген заманагөй ангиография үскенеси инсанлар өмирин сақлап қалыўда жақсы нәтийже бермекте. Өлим ҳәм майыплыққа алып келиў жағдайлары кескин кемейди.
Нәтийжеде бүгинги күнге шекем Ташкент қаласында өткерилип келинген айырым қурамалы хирургиялық әмелиятлар енди усы жердиң өзинде өткерилмекте. Соннан, Қарақалпақстан Республикасында дәслепки мәрте жасалма қан айланыў аппараты арқалы бес наўқастың жүрегинде ашық хирургиялық әмелият алып барылды.
Мультиспирал компьютер томографиясы, ультрасес, лаборатория үскенелери кеселликлерге ерте диагноз қойыў имканиятын бермекте. Телемедицина арқалы узақтағы наўқасларды емлеўге де үлес қосылмақта.
Мәмлекетимиз басшысы емлеўхананы нәтийжели басқарыў, әмелиятты оқыў менен байланыстырыў мәселелерине итибар қаратты.
- Жаңа имарат ҳәм үскенелер жумыстың бир бөлеги. Енди орай жумысына заманагөй менежментти енгизиў керек. Медицина раўажланған мәмлекетлерден тәжирийбели шыпакерлерди мүддетли тартып, сырт елде қәнигелер тәжирийбесин арттырыў мақсетке муўапық. Улыўма, бул орай илимий-әмелий медицина академиясындай жумыс алып барыўы керек, - деди Шавкат Мирзиёев.
Районлық медицина бирлеспелериндеги шыпакерлер өз қәнигелиги бойынша усы жерде тәжирийбе арттырып, аймақларда енгизиўи әҳмийетлилиги атап өтилди.
Атап өтиў орынлы, Қарақалпақстанда 2017-2024-жылларда: «Бир қәдем» өлшеми тийкарында 74 шаңарақлық щыпакерлик пункти, 81 шаңарақлық поликлиника, 92 мәҳәлле медициналық пнкти шөлкемлестирилди.
Қәнигелестирилген орайлар аймақлық филиалларында 150 түрдеги жаңа технологиялар енгизилди. Жылына 4500 наўқастың Ташкент ҳәм шет елге бармастан-ақ жоқары технологиялық жәрдем алыў имканияты жаратылды. Төрткүл, Қоңырат ҳәм Шымбай районларында қоспа зақымланыўлар ҳәм өткир қан-тамыр кеселликлери орайлары шөлкемлестирилип, жылына 11 мың наўқасқа районлардың өзинде қыстаўлы ҳәм тәжирийбели медициналық жәрдем көрсетилиўи тәмийинленди.