Шавкат Мирзиёев: Мениң ең үлкен мақсетим – халқымызды разы етиў, бахытлы көриў
778
Президент Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстан Республикасы Кегейли районындағы Жүзимбағ мәҳәллесинде болды.
Бул жерде 4 мың 300 ге жақын халық жасайды. Үш мектеп, алты бақша, жетпистен аслам исбилерменлик субъектинде пуқаралар турақлы жумыс пенен бәнт.
Шәрўашылық ҳәм дийқаншылыққа қәнигелескен бул аймақта 990 үйдиң қыйтақ жери бар. Сайхунабад тәжирийбеси тийкарында жергиликли имканиятлар иске салынбақта. Соннан, дийқаншылық ушын 174 пуқараға 128 гектардан артық жер узақ мүддетке ажыратылған. Олар дийқаншылық етип, хожалық ушын қосымша дәрамат қылмақта. Ыссыхана шөлкемлестирип, жылына еки мәрте өним алыўды жолға қойып атырған шаңарақлар саны көбеймекте.
Мәҳәлледе «Арал агро» кәрханасы тәрепинен «Жаслар жүзим бағы» шөлкемлестирилген. Онда 40 адамға орташа 25 сотихтан жер ажыратып берилген.
Воиш усылында күтим жүргизип атырған бул жүзимзардың қатар араларынан да нәтийжели пайдаланылмақта. Түрли овошлар жетистирилип, 400 тоннаға шекем өним алынбақта. Жүзимлер толық өнимге кириўи менен жылына баҳасы 4 миллиард сумлық 200 тоннаға жақын өним алыныўы нәзерде тутылмақта.
Мәмлекетимиз басшысы усы жерде дийқаншылық ислеп атырған жигит-қызлар менен сәўбетлести.
Олар соңғы жыллардағы имканиятлардан пайдаланып, дийқаншылық ушын жер алғаны, палыз егинлерин жетистирип, дәрамат таўып атырғанлығын айтты. Реже ҳәм нийетлери ҳаққында сөйледи.
- Сизлердиң жумыслы болғаныңызды, көзиңизде исенимди көрип, қуўандым. Өзи мениң ең үлкен мақсетим сол – халқымызды разы қылыў, бахытлы көриў. Әмелге асырып атырған жумысларымыз туўры, тек оны кеңейтиўимиз керек, - деди Шавкат Мирзиёев.
Президент жаслардың усыныслары тийкарында аўыл хожалығы өнимлери ушын музлатқышлы қоймахана қурыў, мүтәж жигит-қызлардың тойлары ҳәм шәртнама төлемлерине көмеклесиў бойынша көрсетпелер берди.